Click to listen highlighted text!

Гепатит А инфекциясы менен кеселленген наўқас пенен қатаста болғанда?!

Гепатит А яки Боткин кеселлиги- бул вирус келтирип шығарыўшы жуқпалы баўыр кеселлиги. Кеселлик улуўма интоксикация хəмде сарылық пенен пайда болады.

Жуғыў механизымы: Фекал орал.
Наўқасланған адамлар сыртқы орталыққа ўлкен дəрети арқалы көп муғдарда вирусларды ажратады. Бул вируслардыӊ суўға, азық-аўқат өнимлерине який қандайда бир буйымларға түсиўи мумкин. Егер потоген инфекция бийим болған саў организмге аўыз арқалы түскенде гепатит А кеселлиги раўажланады.

Вирустыӊ сыртқы орталыққа шыдамлылығы.
Виурстыӊ қорғаўшы қабығыныӊ болмағанлығына қарамастан, ол сыртқы орталықта узақ ўақт сақланады.
Қурғақ орталықта буйымлар үстинде-7 күнге шекем
Ығал хəмде азықлық орталықта- 3-10 айға шекем
60°С қа шекем қайнатылғанда – 12 саатқа
– 20°С музлатылғанда болса бирнеше жылға шекем сақланып қалыўы мумкин.

Гепатит А раўажланыўында қəўипли топарлар
Жеке гигеналық қағийдаларға əмел қылмаслық
Адамлар көп топланыўшы бөлимлерде болыўы
Водопровод ҳəмде конализация тармақлары болмаған шараятта узақ ўақт болыўы
Жоқары кеселлениўшеӊлик анықланған аймақларға вакцина менен емленбестен барыў
Қəўипсиз ишимлик суўынан пайдаланыў мүмкиншили жоқ жағдайда

Гепатит А кеселлигиниӊ алдын алыў

Кеселлик анықланған ошақларда дезинфекция қылыў

-Дезинфекция наўқас уйинде хəмде жумыс яки оқыў орынларында əмлеге асырылады. Аймақлық СЭТҳЖСБ қəнийгелери наўқас пайдаланған буйымлар ҳəмде кийимлерди қандай зəрерсизлентириў усылларын үйретеди.
-Көрпе-төсек ҳəмде кийимлер 2% ли сабынлы еритпеде (1 литр суўга 20 гр кир жуўыў кўкини) 15 мин даўамында қайнатылады. Кейин ала əдеттегише жуўылады.
-Ыдыс табақлар аўқатланғаннан кейин 15 мин даўамында 2 % содалы еритпеде қайнатылады.
-Глемлер 1% хлорлы еритпеде арқалы щётка менен жуўылады.
-Пол ҳəмде басқада бөлимлер 2 % сабынлы яки содалы еритпеде жуўылады. Соныӊ менен бирге усы еритпе арқалы хəжетхана есик тутқалары раковина, унитазлар жуўылады.

Гепатит А вакцинациясы.

Эмлеў тийкарыннан организмныӊ гепатит А вирусынына бийимлиликти кемейтириў мақетинде əмелге асырылады.
Гепатит А вакцинасы-бул қозғатыўшыныӊ зəрерсизлендирилген жийиндысы. Вакцина организмге жиберилгеннен соӊ специфик антиденешелер пайда етеди. Сонылқтан егерде вирус организмге түскен жағдайда кеселлеик раўажланбайды яғный антиденешелер вирусларды зиянсызлантырады.
Кеселликке қарсы емлеў ислери миллий емлеў календарына киритилмеген. Сонлықтан вакцинация кеселликти жуқтырыў итималлығы жоқары болған қəўипли топарларға усыныс етиледи.
-Гигиеналық жағдайы төмен болған қалаларда болыўшы саяхатшыларға
-Узақ ўақт даўамында далаларда жүриўши əскерлерге
-Жеке гигиена қағыйдаларына əмел қылыў шараяты жоқ аймақтағы адамлар
-Медицина хəмде азық-аўқат өнимлери менен ислеўши қəнийгелер
-Шөлкемлескен топарларға қабыл қылыныўшы жас балаларға

Гигиеналық қағийдалар

Хəжетханадан келгеннен соӊ қолларды сабынлап жыўыў
Текған қайнатылған сыў ишиў.
Мийўелер, палыз өнимлерин қабыл қылыўдан алдын ағын суўда жыўыў
Зиянланланған суўлардыӊ түсиў итималлығы болған, яки көп уақт турып қалған суўларды бассейинлерде шомылмаслық
Азық-аўқат өнимлерин таярлағанда жақсылап қайнатыў хəмде қуўырыў

Наўқас пенен бирге қатнаста (контактта) болғанда шара-илəжлар

Бул инфекцияныӊ тарқалаыўыныӊ алдын алыў мəқсетинде медицина қəнийгелери тəрепиннен наўқас пенен контактта болғанларды бақлаўға алады.
Киши жастағы балалар шөлкемлеринде наўқас бала емлеўханаға жатқызылған күннен баслап қатнаста болған балаларды 35 күн даўамында бақлаў.
Буннан тысқары шаӊарақ ағзалары яки жумыс орынларында қатнаста болғанлар медициналық бақлаўға алынады. Бунда териси яки көз склерасында сарылық белгилериниӊ жоқлығы, баўыр көлеминиӊ өзгериўи сияқлы белгилер тексериледи. Грипп тəризли сиптомлар пайда болған жағдайда изоляция қылыныўы зəрур.
Соныӊ менен бирге қатнаста болғанлар улыўма қан анализында өзгерислер гүзетилгенде кеселликти тастиқлаў мəқсетинде ИФА, ПЦР анализ тапсырылады.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария эпидемиологиялық-тынышлық ҳəм жəмийет саламатлығы басқармасы, эпидемиология бөлими эпидемиолог врачы А.Джумамуратов

Skip to content Click to listen highlighted text!