Click to listen highlighted text!

“Азық-аўқат өнимлери сапа ҳәптелиги” илажлары туўралы

Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң 2022-жыл 22-ноябрьдағы 20-03322-санлы хатына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халықтың саламат аўқатланыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы 2020-жыл 10-ноябрьдағы ПҚ-4887-санлы Қарарына тийкар ҳәр жылы ноябрь айында “Азық-аўқат өнимлери сапа ҳәптелиги” илажларын өткериў белгиленген. Усы Қарар талапларын орынлаў жүзесинен, Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының аймақлық бөлимлериндеги Аўқатланыў гигиенасы бойынша бириктирилген қәнийгелер тәрепинен орынлардағы азық-аўқат саўда, улыўма аўқатланыў орынлары, МПЖ яки АПЖ ларда, улыўма билимлендириў мектеплеринде азық-аўқат өнимлери сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, халық арасында топарлы аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыў темаларында санитария-ағартыў жумыслары алып барылды. Сол менен бир қатарда, Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясының “QARAQALPAQSTAN” телеканалы “Әҳмийетли сәўбет” көрсетиўи арқалы Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Аўқатланыў гигиенасы бөлими санитария врачы Ф.Ажимов “Азық-аўқат өнимлери сапа ҳәптелиги” илажлары әҳимийети ҳәмде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берип өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы Басқармасы Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!