Лейшманиоздыӊ қозғатыўшысы көп санлы омырткалы хайўанларда, сондай-ақ адам ҳәм ийтлерди жуқтырыўшы лейшманиялар туўысына кириўши әпиўайылар есапланады. Кеселликтин 3 формасы характерли – висцерал, тери ҳәм тери силекей. Ийтлерде лейшманиоздыӊ висцерал формасы көбирек ушырасады ҳәм териниӊ өзгериўи пайда болады. Лейшманиоздыӊ раўажланыў цикли адам ҳәм ҳайўан организминде лейшманиялар (амастигота) ҳәрекетсиз, ал москит шыбынлары денесинде актив (промостигота) ҳәрекетшеӊ болады. Паразитлердин лейшманиал дәўирин тәбийий ошақтағы наўқас ҳәм ҳайўанларда анықлаў мүмкин. Лейшманиоздың қозғатыўшыларын тасыўшылар-майда қан сорыўшы маскит шыбыны есапланады (Phlembotomidae тууысы). Маскитлер тышқан инлеринде, адамлар жасайтуғын турақ жайлардың әтирапында, шығынды таслайтуғын жерлерде, ийттиң уяларында, теректиң жарықларында, қойымшылықларда, ҳайўанлардың шығындыларында ушырасады. Инфекция маскит шыбыны шаққанда тери арқалы организмге түседи. Бул кеселлик клетка ишиндеги лейшманияны келтирип шығаратуғын жуқпалы кеселлик болып, қан сорыўшы шыбынлардыӊ шағыўынан кейин денениӊ тоқымаларына кирип барады ҳәм кеселлик ишки органларға ҳайўанныӊ терисине тәсир қылады. Ҳәр қандай ыссы қанлы ҳайўанлар ҳәмде адамларда, лейшманиоз бенен кеселлениўи мүмкин. Кеселликтиӊ қозғатыўшысы бир неше түрдеги паразитлер: • Leishmaniadonovani, баўыр, қан, талак, сүйек илиги клеткаларында көбейеди. • Leishmaniatropica, тек териге тәсир қылады. • Инфекцияныӊ биринши дереги тропик ҳәм субтропик аймақта жасаўшы москитлер. Паразитлер ишке кирип жайласады, ҳайўанлардыӊ шағыўы арқалы кан ямаса тери арқалы жуғады. Кеселликтиӊ инкубацион дәўири жети айдан еки жылға шекем даўам етеди. Паразит инфекция ҳәр дайым да кеселликтиӊ раўажланыўына жәрдем бермейди. Базы ўақытлары ийтте ҳеш қандай клиник белгилерин көрсетпестен, тек тасыўшы болыўы да мүмкин. Тәбийий шәраятда кеселликтиӊ тарқатыўшы дереги кемириўшилер, сондай-ақ тасыўшылар, жабайы ҳайўанлар, қара маллар, адамлар, пышықлар ийтлер де болыўы мүмкин. Ийтлерде лейшманиоздыӊ клиник белгилери: Ийтлерде тери лейшманиозы – москит шыбыны шаққан орында киши түйин пайда болып, оларда бир нешше ўақыт өткеннен кейин өзгерис пайда болады. Көбинесе көз, қулақ, мурын әтирапындағы тери айланасына тәсир етеди. Кеселлик созылмалы даўам етеди. Айырым ўақытлары аўыр ақыбетлерге ҳәтте өлимшилик жағдайларыда болады. Висцерал (ишки) лейшманиоз – өткир ҳәм созылмалы болып, салмак жоғалтыў, дене ҳәрекетиниӊ ҳәлсизлениўи, ысытпалаў, анемия, ас сиӊириўдиӊ бузылыўы, конъюнктивит (көздиӊ шыллық пердесиниӊ зыянланыўы), қан ҳәм ириӊниӊ болыўы, талактыӊ үлкейиўи, баўыр, лимфа түйинлериниӊ исиниўи сыяқлы биринши белгилери пайда болғаннан кейин бир неше ай ишинде ҳайўанныӊ жағдайы сезилерли дәрежеде жаманласады ҳәм туўры емленбесе, өлимге алып келиўи мүмкин. Кеселликтиӊ раўажланыў дәўири түрли белгилерди келтирип шығарыўы мүмкин. Мс: пневмония, диатез, нефрит бүйректиӊ шамаллаўы, функцияларыныӊ бузылыўы, көриў қәбилетиниӊ пәсейиўи, кеселликтиӊ өткир түри еӊ қәўипли есапланады, бир неше күн ишинде ийт өлиўиде мүмкин. Соны есапқа алыў керек инфекция ҳайўанныӊ денесинде 3 жылга дейин болыўы мүмкин. Лейшманиоз ҳәр қандай жастағы ийтлерлерге тәсир етеди: затдар, еркек ҳәм урғашы ийтлерде кеселлениўи мүмкин. Базы излениўлерге қарағанда, 9 айлықтан 15 жасқа шекемги болған ийтлердиӊ орташа 5 жасында тәсир етип баслайды. Қала ҳәм районларда қаӊғымай ийтлерди услаў, жергиликли ҳәкимият жанындағы абаданластырыў бөлими қәнийгелери тәрепинен алып барылады.
ҚР СЭТҳЖСБ паразитология бөлими энтомологи: Х.Айтмуратова
Басқарма Мәлимлеме хызмети