Усы жылдың 30-ноябрь күни “Телеграм юлдузлари” ҳәм “Qalampir.uz” веб-сайти телеграм каналларында тарқалған Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы 8-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми асханасындағы жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы ҳәм Төрткүл районы бөлими қәнийгелери тәрепинен тийисли үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер нәтийжесинде Төрткүл районы 8-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми асханасы Санитария-гигиена талапларына жуўап беретуғынлығы ҳәм азық-аўқатты сақлаў, оларды таярлаў ҳәм тарқатыў ушын жетерли әспаб-үскенелер менен тәмийнленгенлиги анықланды.
Сондай-ақ, 8-санлы МШБШ директоры Айша Маткаримова тәрепинен асхана дийўалы жеңил косметик оңлаў жумысына мүтәж екенлиги, мебельлердиң ескиргенлиги ҳәм асхананы тазалаў ушын арнаўлы әспаб-әнжамлар маркировка қылынбағанлығы мәлим етилди. Буннан тысқары, қоймаханада сақланып атырған резервтеги 10 кг жарамсыз картошка өними жоқ етилип, бул жағдай бойынша тийисли шара көрилди ҳәм қатаң ескертиў берилди.
ҚР Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими