Соңғы ўақытлары қала ҳәм аўылларымызды көркейтиў, абаданластырыў мәселелерине үлкен итибар қаратылмақта. Халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў, турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў мәселелери бойынша Ҳүкиметимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы менен байланыслы машқалаларды төменги буўында шешиў, үйлердиң санитария-гигиеналық жақтан тазалығын тәмийинлеў «Мәҳәллебай» ислеў системасы енгизилген.
Қарақалпақстан Республикасы санитария–эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы шыпакерлери тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм районлардағы бөлимлерде исленип атырған жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм ҳақыйқыйлығын үйрениў, қәнигелерге әмелий – методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде хызмет сапары шөлкемлестирилди. Пуқаралар жыйынларына бекитилген хызметкерлер менен жумысты шөлкемлестириў, машқалалар, усыныслар ҳаққында сәўбетлесиў өткерилди. Олардың жуқпалы кеселликлер профилактикасы ҳаққында халыққа берип атырған мағлыўматларының сапасы, жеткериў уқыплары баҳаланды. Бекитилген аймақларға барыў жийилиги, үйлерди қамтыў көрсеткишлери үйренилди. Бул жумысларды жақсылаў бойынша хызметкерлер өз усыныс ҳәм пикирлерин берди.
Пуқаралар жыйынларында қәнигелер бир топар болып ислеў, әсиресе жуқпалы кеселликлер дизимге алынып атырған аймақларға көбирек итибар бериў усыныс етилди. Жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳаққында түсиндириў жумысларын өткериў бойынша әмелий-методикалық жәрдем көрсетилди. Районда бир неше үйлердиң жағдайлары үйренилди, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша түсиниклер берилди.
ҚР СЭТҳәмЖС басқармасы Аса қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлими эпидемиолог врачы Н.Низаматдинова