Click to listen highlighted text!

 

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының Бактериология бөлими менгериушиси З. Ешназарова қатнасында басқарманың Турткуль районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң бактериология лабораториясында оқыў семинары болып өтти.
Оқыў семинарында Өзбекстан Республикасы ДССМниң 2015-жылдағы 177-санлы буйрығына тийкар өткир диареяда бактериологиялық тексериў тәртиби, иш терлеме кеселлигиниң бактериологиялық, серологиялық диагностикасы ҳаққында түсиндириў жумыслары менен бирге әмелий жәрдем көрсетилди.

Басқарма Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!