Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги ҳəм оның профилактикасы
Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) – аса қəўипли жуқпалы кеселлик болып, тəбийий шараятта шарўа малларында ушырайтуғын иксод кенелериниң шағыўы нəтийжесинде адамға жуғады. Кенениң қаны адамның жарақатланған тери ҳəм силекей қабатларына тийгенде, сондай-ақ кене қол менен езип өлтирилгенде, қой ҳəм ешкилер жүнин қырқыў пайытында кенелерди кескенде ҳəм геморрагиялық ысытпа кеселлигине шалынған наўқасты күтип – қараў ҳәм медициналық жардем көрсетиў пайытында өзин қорғаў илəжлары көрилмеўи ақыбетинде кеселлик вирусы қан арқалы адамға жуғыўы мүмкин. Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң жасырын дәўири 2-6 күн даўам етеди. Усы дəўирде кеселликтиң клиникалық белгилери бақланбайды. Кеселлик өткир басланып, дене ыссылығы көтериледи (39-40 дəрежеге), қалтырайды, наўқас тоңып қалтырайды, бети, мойны, көкирегиниң терилери қызарады, укол салған жерлери көгереди, булшық етлери, бели аўырады, денеге əспи тасыўы, соңынан мурыннан, тистиң түбинен (десна), асказаннан, ишеклерден, жатырдан қан кетиўи мүмкин. Кеселликтиң геморрагиялық белгилери менен кешетуғын түри аўыр болады ҳəм айырым наўқасларда ағзалардан қан кетиў нәтийжесинде өлим жағдайлары жүз бериўи мүмкин. Наўқас қаншама ерте анықланып, емлеўханаға жатқарылса, емлеў ислери соншама жақсы нəтийже береди ҳəм кеселлик тарқалыўының алды алынады. Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигине шалынған наўқасларды емлеўде, усы кеселлик пенен бурын аўырып саўалған пуқаралардың қан плазмасын қоллаў нəтийжели усыл есапланады.
Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң алдын алыў ушын
нелерди билиў зəрүр!
- базарлардан, жайлаўлардан, қара мал, қой-ешкилерди кенеге қарсы дәрилеместен үйге алып келмеў;
- малларда кене анықланғанда дәрҳәл ветеринария хызметкерлерине мүрəжат етип, олардың усынысы тийкарында кенелерге қарсы дәрилеў;
- кенелерди қол менен езип өлтирмеў;
- қой-ешкилердиң жүнин қырқыў ўақтында қорғаўшы кийимлер менен ислеў;
- кенелер анықланған жерлерде малларды бақпаў, оған байланыслы жумысларға ҳəмиледар ҳаялларды ҳəм балаларды тартпаў;
- қырқым пайытында жеке гигиена қағыйдаларына қатаң əмел қылыў;
- тәбият қушағына (шөл зоналарына) дем алыўға шыққанда кене шағыўынан сақланыў, үйге келгеннен соң денени ҳəм кийимлерди көзден кеширип, кене жоқлығына исеним пайда етиў зәрүр.
Умытпаң! Егер де сизди яки шаңарақ ағзаларыңызды кене шақса ямаса қолларыңыз кене қаны менен ипласланса, тезлик пенен жақын жердеги емлеў-профилактикалық мәкемесине мүрәжат етиң!
Донорлықтың əҳмийети!
18 жасқа толған ҳəр бир дени саў пуқара қан бериўши донор болыўы мүмкин. Донор болыў ең саўапли ҳəм қайырлы ислерден бири. Кеўлинде адамгершилик сезими бар инсан ҳəмийше жақсылық үлесип жасайды. Донорлар – жақсы нийетли, саўап ислеўши инсанлар. Қан бериўш – донор болыў организм ушын зыянсыз. Донордан қан алыўда бир мəрте ислетилетуғын үскенелерден (гемакон, қан қуйыў системалары, скарификаторлардан) пайдаланылады. Адам организминде орташа 4,5-5 литр қан болады. Донордан 500мл қан алынғанда, 36 сааттан кейин алынған қан муғдары тикленгенликтен денсаўлығына кери тəсир етпейди. Донор қан тапсырғанда организмде төмендеги пайдалы өзгерислер жүз береди:
- организмде зат алмасыўы жақсыланады;
- иммун системасы функциясы көтериледи;
- артериал қан басымы көтерилиўиниң алды алынады;
- инфаркт ҳəм инсульт раўажланыў қəўпи кемейеди;
- қан клеткаларының жасарыўы бақланады;
- донор өз денсаўлығын бақлап барады;
- қан арқалы жуғатуғын жуқпалы кеселликлерге (вируслы гепатит В, С, ВИЧ, сифилис, безгек ҳəм бруцеллез) бийпул тексерилиў имкəнын береди.
Қанды 1 айда еки мəрте, 14 күн аралық пенен тапсырыў мүмкин. Алынған қанның эритроцитар массасы донорлардың өзине қайта қуйылады, плазмасы болса – 35 – 450 С дəрежеде музлатылады ҳəм 1 жыл даўамында музлатқыш камерада сақланады. Донордан бир мəрте алынатуғын қан муғдары 500мл-ге шекем болады. Аса қəўипли ҳəм аўыр кешетуғын жуқпалы кеселликлерден бири есапланған Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа менен бурын аўырып саўалған пуқаралардың қан плазмасы, усы кеселликти емлеўде жүдə үлкен əҳмийетке ийе. Донор қан тапсырыўынан алдын төмендеги медициналық тексериўлерден бийпул өткериледи:
- гемоглобин көрсеткиши;
- қан группасы ҳам резус-факторы;
- биохимиялық анализлер;
- ҚКГЫға антителолар титри;
- қан арқалы жуғатуғын жуқпалы кеселликлерге (вируслы гепатит В, С, ВИЧ, сифилис, безгек ҳəм бруцеллез) тексериледи.
Донорларға қан плазмасы ушын төлем орнатылған тəртипте əмелге асырылады. Егер Сиз донор сыпатында дизимнен өтип, турақлы түрде қан тапсырып барсаңыз материаллық талабыңызды да жақсылаў имкəниятына ийе боласыз. Сиз Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеседллигине шалынып аўыр аўҳалда жатқаныңызда, усы кеселлик пенен бурын аўырып саўалған қайсы бир донордың қан плазмасы жаныңызға ара түскенин умытпаң! Тапсырған қаныңыз бенен Сиз де аўыр аўҳалда жатқан наўқастың өмирин сақлап қаласыз!
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының Аса қəўипли жуқпалы кеселликлер бөлими эпидемиолог врачы Н. Низаматдинова