Click to listen highlighted text!

Лейшманиоз кеселлиги ҳәм оның алдын алыў

Лейшманиоз кеселлиги ҳәм оның алдын алыў

Лейшманиоз – бул дуня бойынша 98 мәмлекеттеги эндемик ҳәм умытылған тропик кеселлик есапланады. Жаҳән Ден Саўлықты Сақлаў Шөлкеминиң мағлыўматына көре 350 миллион адам бул кеселлик пенен кеселлениўи мүмкин.  Ҳәр жылы 14 миллион адам усы кеселлик пенен кеселленеди ҳәм 2 миллионға жақын жаңа кеселлениў дизимге алынбақта. Буннан тысқары ҳәр жылы висцерал лейшманиоз бенен 50 мыңға жақын өлим жағыдайлары жүз бермекте. Лейшманиозлар адам ҳәм ҳайўанларда ушырайтуғын трансмиссив кеселлик болып,  оларды лейшманиялар қозғатады ҳәм шыбынлар тарқатады. Лейшаманиозлардың 2 түри бар: 1)висцерал лейшманиоз  (ишки органларды зиянлайтуғын лейшманиоз); 2) тери лейшманиозы (жаман жара). Вицерал лейшманиозда ишки  органлар зыянланса,  тери лейшманиозында болса тери ҳәм силекей қабатлар зыянланады. Кеселлик дереклери ветеринар көригинен өтпеген қанғымай ийтлер,  барлық түрдеги кемириўшилер ҳәм жабайы ҳайўанлар есапланады. Лейшмания шыбыны лейшманиоз бенен аўырған адамды ямаса денесинде паразит бар ҳайўанды шағып қанын сорыйды. Шыбынның ас сиңириў жолында паразит көбейип,  тамағы тәрепке жылжыйды ҳәм 7 күнде оның аўыз бослығына түседи. Әне усы москит шыбыны саў адамды шаққанда кеселликти жуқтырады (трансмиссив усыл). Лейшмания шыбынының шағыўы нәтийжесинде паразит саў адам терисине өтип,  жергиликли ҳәм улыўма зыянланыўға себеп болады. Инфекцияның басланғыш ошағы териде жайласып,  онда лейшманиялар ишки органларға киреди ҳәм нәтийжеде инфекция организм бойлап тарқалады (генерализатсияланады) ҳәм баўыр,  талақ ҳәм сүйек көмигинде топланады.

Тери лейшманиозы

(жаман жара,  Боровский кеселлиги)

  Тери лейшманиозының 2 формасы бар: 1)шөл жерлерде ушырайтуғын зооноз  (ҳайўанлардан жуғатуғын) түри 2)Қалаларда ушырайтуғын антропоноз (кесел адамнан шыбын шағыўы арқалы саў адамға жуғады)     түри. Тери лейшманиозының зооноз түриниң  тийкарғы дереги қум тышқанлары,  тасбақалар есапланады. Москит шыбыны қум тышқанын шаққаннан кейин,  бул кемириўши ҳайўанлар 6-8 күн өткеннен кейин жуқпалы болады. Солай етип,  кеселлик қум тышқанларынан шыбынлар арқалы адамға жуғады. Лейшмания шыбынлары июнь,  июль,  август айларында жүдә актив болады. Бул шыбынлар кешқурын қаранғы түсе баслаўы менен уша баслайды ҳәм таң атқанша адамларды шағады. Олар әсиресе,  кешқурыннан ярым түнге шекем көп шағады.

Клиник белгилери

    Териниң лейшмания кирген жеринде ашық қызыл реңли сыйпақ папула пайда болады. Оның диаметри 2-3 мм болады. Бул папула тез үлкейип фурункул (шийхан) ға уқсап әтирапындағы тоқыма қызарып турады,  бирақ аўырмайды. Арадан 1-2 ҳәпте өткеннен кейин лейшманиоманың ортасында некроз басланады ҳәм 10-15 мм ге шекем үлкенликтеги жаралар пайда болады. Жаралардың шети тегис болмайды,  шылымшық ҳәм ириң менен қапланған болады,  аўырады. Лейшманиомалар көбинесе денениң ашық жерлеринде:  жүз,  мойын,  қоллар ҳәм аяқларда көп болады. Арадан 2-4,  базыда 5-6 ай өткеннен кейин жара әсте ақырын питеди ҳәм тыртық пайда болады. Бул кеселликтен емленип,  тәўир болыў мүмкин. Бирақ жара пайда болған жер бир өмир тыртық болып қалады.

Емлениўи

Наўқас кеселлик дәўирине қарап емленеди.Жаралар пайда болған дәўирде мономицин жақсы нәтийже береди. Кеселлик басланыў дәўиринде лейшманиомаларға акрихин,  мономицин,  уротропин,  берберин сулфат инеькция қылынады. Ҳәзирги күнде тери лейшманиозын лазер менен емлеў жолға қойылмақта. Бул усыл менен емленгенде териде тыртық қалмайды.

Алдын алыў илажлары

Комплексли шара- илажлар:  инфекция дереги,  жуғыў механизми,  тарқатыўшылар ҳәм жеке профилактика илажларын өз ишине алады. Тери лейшманиозының тәбийий ошақларындағы кемириўшилерди жоқ етиў,  қан сорыўшы шыбынларға қарсы гүресиў. Лейшмания шыбынларының көбейиўине қарсы алып барылатуғын илажлардан бири жасаў орынларымызды азада тутыў,  шығындыларды белгили орынларға таслаў,  артықша шығындыларды үй әтирапында топламаў,  әсиресе аўыллық жерлерде мал тезегин жыйнап қоймаў керек. Жыйнап қойған жағыдайда да оның үстин клёнка менен шыбын кире алмастай етип жаўып қойыў ямаса тезегин атызға жайып жибериў зәрүр. Себеби лейшмания шыбыны сол жерди өзине уя етип алады ҳәм көбейеди. Сондай-ақ инсектидцидлерден пайдаланыў менен шыбынлар ҳәм олардың көбейетуғын орынларында зәрерсизлендириў илажлары алып барылады. Егер үйде лейшманиоз бенен кеселленген наўқас анықланғанда усы үйдиң ишки ҳәм сыртқы тәреплерин инсектидцид пүркеў менен зәрерсизлендириў лазым. Қоңсы үйлер де дәрилениўи керек. Ѳткерилген дезинсекция илажларының нәтийжелилиги шыбынларды дәрилеўден алдынғы  саны ҳәм дәриленгеннен кейинги санын салыстырыў арқалы анықланады. Реппелентлер,  инсектидцидлер менен ислеў берилген жеке қорғаныў қураллары ҳәм басқалардан пайдаланыў менен жеке қорғаныў мүмкин болады. Шыбынлардың шағыўының алдын алыў ушын кешки ўақыт денениң ашық жерлерин (мойын,  қоллар,  аяқлар) жаўып туратуғын кийимлерди кийиў зәрүр.

Бозатаў районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлиминиӊ Паразитология бөлими ҳәм лабораториясы лаборант врачы     Бахиева Гулхатиша Нызаматдин қызы
Skip to content Click to listen highlighted text!