Ҳәмиледарлық ҳәм АИВ
АИВ инфекциясы – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусы адамның иммун системасын зыянлап оның ҳәр түрли инфекциялардан қорғаныў күшиниң пәсейип кетиўине, адамларда қәўипли өспелердиң ҳәр түрли формаларының пайда болыўына алып келеди. Вирус иммун клеткалардың функциясын пәсейттирип, адамларда әсте ақырынлық пенен иммунитет жетиспеўшилигине алып келеди. Бул мүддет адамларда 2 жылдан 15 жылды қураўы мүмкин. Қәўипли өспелердиң бир неше түриниң өсиўи характерли, ҳәр түрли инфекцион кеселликлердиң аўыр формаларының пайда болыўы менен характерленеди ҳәм ақыр-ақыбетте өлим менен тамамланыўшы кеселлик. Ҳәзирги дәўирде АИВ-инфекциясы дүнья бойынша ден саўлықты сақлаў тараўының ең актуал машқалалардың бири болып келмекте.
Ҳǝзирги ўакытта АИВны үш жол менен жуғыўы тастыйықланған:
- Жынысый қатнас жолы арқалы – АИВ инфекциялы шахс пенен жынысый қатнас болғанда жуғады.
- Парентерал жол менен (қан арқалы) – АИВға тексерилмеген қан ҳǝм оның компонентлерин қуйғанда, орган ҳǝм тоқымаларды көшириўде, бир мǝртелик қолланылатуғын медициналық шприц ҳǝм ийнелер, инфузион еритпелерди қуйыўда қолланылатуғын системалар қайта қолланылғанда, стерилланбеген медициналық үскенелер (гинекологиялык, стоматологиялық, хирургиялық ҳ.т.б)ден пайдаланылғанда, сондай-ақ наркотик затты тамыр ишине инъекция арқалы қабыллағанда, басқа шахс қолланған үскенелерди ислеткенде жуғыўы мүмкин.
- Вертикал жол (ҳǝмиледарлық дǝўирде) – АИВ инфекциялы анадан ҳǝмилеге ҳǝмиледарлық дǝўиринде жарақатланған жолдас арқалы, туўыў ўақытында ҳǝм емизиўде жуғады.
Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў процесси АИВ жуғыў жолларыны4 бири есапланады, бирақ инфекция жуғыўын жоққа теңлестириўге болады. Вирус балаға ана суйықлықлары (қан, сүт) пенен контакт болғанда өтеди. Егер алды алынбаса, АИВ инфекциясынын балаға жуғыў қәўипи 30-45% ти қурайды, егер бир неше қағыйдаларды қолланылса бул қәўипти нольге теңлестириўге болады: – ҳәмиледардың туўыў ўақытында ҳәм жаңа туўылған балаға АРВ терапия қолланыў; – көкиректен емизиўди қадағалаў; – шыпакер усынысларын орынлаў; Жаңа туўылған баладан АИВ инфекциясына бир неше анализ алынады. ПШР (полимераза шынжырлы реакция) вирус бөлекшесин анықлаўға ҳәм ИФА (иммунофермент анализ) антидәнешелерди анықлаў ушын. ПШРдың оң жуўабы баланың қанында вирус болыўы м6мкинлигин билдиреди. Жоқарыдағы жуғыў жолларын жоққа шығарыў ушын ПШР бир неше рет өткериледи; – Туўылғаннан 48 саат ишинде – ҳәмиледарлық ўақытында жуққанлығын анықлаў ушын. – 6 ҳәптеликлик ўақытта – туўыў процессинде жуққанлығын анықлаў ушын. – 12 ҳәптеликликте – бул ўақыттағы терис жуўап дерлик 100% балада АИВны4 жоқлығын дәлиллейди. ИФАның оң жуўабы балада инфекция барлығын дәлиллемейди, себеби баланы қорғаў ушын анадан өткен антидәнешелер болады. Қайта тексериўлер 18 айлығында өткериледи – бул дәўир ишинде анадан өткен антидәнешелер организмнен жоғалады. Есте сақлаң, АИВ инфекциясы өмирге «стоп» қойыўға себеп емес ҳәр қандай ҳаял саў баланы дуньяға алып келип, оны бахытлы етип раўажландыра алады.
ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы эпидемиологы: Р.Кудряков