Абайлы болыӊ АИВ инфекциясы!
АИВ инфекция – бул хроник инфекцион, адам иммун жетиспеўшилик вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик есапланады. АИВ адамныӊ иммун системасын зыянлап, оныӊ АИВға ғана емес, ал екилемши кеселликлердин мысалыға туберкулёз, замаррықлар, пневмониялар, ОРВИ, вируслы гепатит ҳ.т.б; раўажланыўына қарсылық көрсетиўине мүмкиншилик қалдырмайды. АИЖС-арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы АИВ инфекциясы раўажланыўыныӊ соӊғы басқышы. АИЖС басқышында иммунитет дәрежесиниӊ соншелли түсип кетиўиниӊ нәтийжесинде АИВ инфекциясы фонында раўажланған екилемши кеселликлер қайтарып болмайтуғын түс алады ҳәм ақыбетинде өлимге алып келеди. АИВ организмниӊ суйықлықлары арқалы тарқалады: қан, жынысый суйықлықлар, ана сүти. АИВ бир адамнан екиншисине жынысый қатнаста АИВ менен зыянланған адамнан; АИВ менен зыянланған наркотик қабыллаўшылар менен бир ийнеден пайдаланылса, жетерли дәрежеде стерилизация исленбеген тери пүтинлигин бузатуғын медициналық ҳәм медициналық емес манипуляциялар арқалы; егер ана АИВ менен зыянланған болса ҳәмиледарлық ўақытында, баланы тәбийий жол менен туўғанда ҳәм ана сүти менен азықландырғанда балаға жуғады; АИВ менен кеселленген адам менен бир ҳәжетханадан пайдаланылса, қушақласқанда, қол берип көрискенде, инфекцияланған адам менен бирге аўқатланғанда, оныӊ қол телефонын пайдаланғанда, донорлық еткенде жуқпайды. Ҳәзирги ўақытқа шекем Адам иммун жетиспеушилик синдромына қарсы толық емлениў ушын дәрилик затлар таўылмаған. Сол себепли АИВ профилактикасы ушын барлық усыл ҳәм шараларды толық өзлестирип алыў шәрт.Ҳәзирги күнде бул қәўипли кеселлик пенен гуресиў усылларыныӊ исте көринетуғыны бул АИВ профилактикасы. Ҳәзирги күнде инфекциядан қорғаўшы вакцина еле ислеп шығылмады. Сол себепли АИВ профилактикасы – бул еӊ исенимли ҳәм гарантияланған қорғаныў усылы болып, оныӊ нәтийжеси адамлардыӊ ис-ҳәрекетине ғана байланыслы. Профилактиканыӊ еӊ әҳмийетли жөнелислериниӊ бири бул АИВ инфекцияныӊ вертикал өтиўиниӊ алдын алыў яғный инфекция тасыўшылары болған ҳәмиледар хаяллардыӊ профилактикасы емлеў курсларын өтиў есапланады. Бул терапия баланыӊ ана жатырында инфекция жуқтырыў қәўипин максимал дәрежеде пәсейтиўге қаратылған. Жынысый жол менен зыянланыўдыӊ алдын алыў айрықша әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде АИВ профилактикасы информациялық жумысларды алып барыўға жынысый қатнаста қорғаныў қуралларынан пайдаланыў мүмкин болған зыянланыўдыӊ алдын алыўда әҳмийетлилигиӊ түсиндириўге қаратылған. Қан аркалы жуғыўдыӊ профилактикасына келсек, жеке гигиеналық қураллардан пайдаланыўға әхмийетти бериў керек. Биринши нәўбетте бул өткир, кескир буйымларға тийисли. Парентерал манипуляция өткеретуғын ўақытта асептика ҳәм антисептика қағыйдаларын сақлаў керек. Күнделикли өмирде өзимизди ҳәм жақынларымызды жыл сайын көплеген адамлар кеселлениўине себеп болып атырған қорқынышлы кеселликтен аўлақ етиўимиз мүмкин. ҚР СЭТҳЖСБныӊ Эпидемиология бөлими эпидемиолог врачы П.Аметова