АИЖВ-инфекциясы
«Адам иммунитет жетиспеўшилик вирусы» – Антропоноз жуқпалы кеселлик болып адам иммун системасын зиянланыўы менен характерленеди, кеселлик әсте-ақырынлық пенен кешеди хәмде арттырылған иммун жетиспеўшилик белгилери пайда болғанға шекем раўажланады. Нәтийжеде екилемши инфекциялар хәмде жаңадан пайда болған қәўипли өспелер себебли, наўқастың өлимине алып келеди. Жер жузинде бул кеселлик пенен жасап атырғанлар саны шама менен 34 млн қурайды. Кеселлик түрли жастағы ҳалқ арасында әсиресе 15-45 жаслар ортасында көп дизимге алынған. Инфекцияныӊ өзине тән қасийетлериннен бири бул жасырын дәўириниң узақ яғный бир неше айдан 5-10 жылға шекем даўам етиўи болып, наўқас адам бул дәўирде көринисиннен саў болып, кеселликтиң хеш қандай клиник белгилери гүзетилмейди. Қаўипли тәрепиде сонда, яғный наўқас өзи билмген халда кеселликти басқа саў адамларға жуқтыры мўмкин. Қозғатыўшы дереги– АИЖВ инфекциясының ҳәр қандай басқышындағы кеселленген адам, яғный вирус тасыўшылықтан, клиник белгилери пайда болғанға шекемги дәўирдеги наўқаслар инфекция дереги есапланады. Кеселлик қозғатыўшысы тийкарыннан наўқастың биологиялық суйықлықларында яғный ең қәўиплиси қан болып (кеселлик жуқтырыўы ушын 0,1 мл зиянланған қан жетерли), кейинги орында сперма, қын ажратпасы хәмде арқа мий суйықлығы турады. Тери, силекей, көз жасы сияқлы биологиялық суйықлықларда кем муғдарда вирус тутады, яғный олардан кеселликтиӊ жуғыў итималлығы дерлик ушрамаған. Жуғыў механизымы. АИЖВ инфекциясында жуғыў механизмы тийкарыннан қатнас механизмы есапланады. АИЖВ инфекциясы тәбийий ҳәмде жасалма жоллар арқалы жуғады. Хәзирги ўақытта адам иммун жетиспеўшилик вирусы 3 тўрли жол арқалы жуғыўы тастиқланған.
- Тәбийий жуғыў жолы-жынсий қатнас.
- Вертикал тәбийий жуғыў жолы-анадан ҳәмлеге яки балаға.
- Парентерал жол- АИЖВ менен зиянланған қан ҳәм қан компонетлерин қуйыў, тоқыма ҳәм орган көширип өткериў (трансплантация) соның менен бирге тамыр иши инекция қылыўда стерилленбеген шприц хәм ийнелер қолланылыўы.
Инфекцияның жынысий қатнас жолы менен жўғыўы гетеро ҳәмде гомосексуал жынсий жол арқалы әмелге асады. Бунда еркек ҳәмде хаяллар бир қийлы кеселленеди. Инфекция вертикал жол менен (инфекция менен кеселленген анадан ҳәмлеге хәм балаға) трансплацентар жол арқалы, туўыў даўамында ҳәм анна сүти менен азықлантырғанда жуғыўы мүмкин. Парентерал жуғыў жолы арқалы вирус пенен зиянланған қаң ҳәмде қан компонетлери қуйылғанда, наркотик препаратларды топарлы түрде тамыр арқалы қабыл қылғанда хәмде толық зәрерсизлентирилмеген хирургик, стомотологик, акушер гиникалогик асбаблардан пайдаланғанда АИЖВниң жуғыў итималлығы бир мәртелик жынсый қатнасқа қарағанда бирқанша жоқары. Соның менен бирге вирус пенен зиянланған шаш-сақал алыўшы асбаблар ҳәмде шаншыўшы үскенелер арқалы жуғыўы мумкиншилигиде бар. Қарым қатнас арқалы жеке гигиенаға әмел қылмаслық нәтийжесинде жуғады, бырақта улыўмалық ыдыс табақтан пайдаланыўда, бир бассейинде шомылыўда, улыўмалық ҳәжетханалардан пайдаланыўда кеселлик жуқпайды. Профилактикасы; – Тосынарлы (тасодифий) жынсий қатнасты шелеў. -Жынсий активлиги жоқары болған адамларда қорғаныў қураллары (презерватив) тан пайдаланыў. -Наркотик препаратларды қабыл қылмаслық. -Маникюр, педикюр, сырға тағыў, татировка қойыўда көп мәртелик қолланыўшы асбаб үскенелердиӊ стериллеўде дезинфекциялаўшы препаратлардан туўры пайдаланыў. -Жарахатқа басқа адам қаны түскен жағдайда жарахат орнын ағын суўда жуўыў хәмде 3% ли водород переоксид який 70% спирт пенен зиянсызлантырып пластер жаўып қойыў. -Аўыз силекей қабатына басқа адам қаны тускенде 70% спирт пенен аўызды шайқаў. -Жарахатланған адамларға биринши жәрдем көрсетиў дәўиринде бир мәртелик резина қолқаплардан пайдаланыў яғный хәр қандай тексерилмеген белгисиз болған адам өзинде вирус тутыўы мүмкин. Хәзирги ўақытта адам организими қанындағы АИЖВ жоқ етиўши препаратлар ҳәмде алдын алыў бойынша вакциналар еле жоқ. Бул кеселликтиӊ жуғыўы адамлардыӊ жасы який жасаў шараятына таӊламайды яғный хәр қандай адам бул инфекцияны жуқтырып алыўы мүмкин. Тек ғана АИЖВ жуғыў жолын билиўи ҳәм оныӊ алдын алыў жолларына әмел қылыўы бул инфекция менен зиянланыўыннан қорғаўы мумкин. Ɵзиӊиздиӊ хәмде жақынларыӊыздыӊ ден саўлығына бийпарқ болмаӊ!!! ҚР СЭТҳЖСБныӊ Эпидемиология бөлими эпидемиолог врачы А.Джумамуратов