Click to listen highlighted text!

Усы жылдың февраль – март айларында келешегимиз қурыўшылары болған жас әўладты тәрбиялаўда үлеси ҳәм әҳмийети үлкен болған ҳаял-қызларымыздың медициналық мәдениятын асырыў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жумысшы топарлары қурамында Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы қәнигелери жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, жеке гигиена мәселелери ҳаққында түсиник жумысларын өткерди.

Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында шөлкемлестирилген усындай мәжилислерде мектеп муғаллимлери, мәҳәлле белсендилери арасында Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа, қутырыў, от жара кеселликлери ҳәм олардың алдын алыў жоллары, жеке гигиенаны сақлаў қағыйдалары ҳаққында санитариялық түсиндириў өткерилди. Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери, атап айтқанда аймақлық улыўма әмелият шыпакерлери, патронаж мийирбийкелерине аса қәўипли зооантропоноз жуқпалы кеселликлер, гигиена қағыйдалары ҳаққындағы мағлыўматларды халыққа жеткериў усыллары ҳаққында түсиник берилди.

 

Мағлыўмат ушын

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң тийкарғы дәреклери – вирус сақлаўшы ҳәм тасыўшылары болған кенелер, кемириўшилер, қара мал ҳәм қой-ешкилер болып табылады. Кеселлик шөл аймақлары, яғный тәбийий ошақ пенен байланыслы болған кәсип ийелеринде (шопанлар, мал бағыўшылар, аңшылар, қой қырқымына ўакытша жумысқа тартылғанлар, олардың үйиндегилер) ушырайды.

Адамларға бул кеселлик вирус сақлаўшы кенелердиң шағыўы яки шарўа маллардың кенелерин жулып алып, қоллары менен езиў нәтийжесинде териниң, силекейли қабаттың кене қаны менен ипласланыўы арқалы жуғады. Қанында вирусы бар малды сойған адам вирус жуқтырып алыўы мүмкин.

Бул кеселликтиң және бир қәўипли тәрепи наўқас адамнан қан арқалы денисаў адамға жуғыўы. Наўқасқа қараған шаңарақ ағзалары яки емлеўхана хызметкерлерине кеселлик жуққан жағдайлар ушырасады.

Кеселлик бирден басланып, дене ыссылығының көтерилиўи, бас аўырыў, бет-әлпети, мойын, көкирек терисиниң қызарыўы, денениң тоңып қалтыраўы, булшық етлердиң аўырыўы, қусыў, иш өтиў, ҳәлсиреў, соңынан геморрагиялық белгилер, яғный денеге әспи тасыў, тис түби, мурын, асқазан-ишектен қан кетиў, инъекция салынған орынларда қан қуйылыўлар киби белгилер менен көринеди. Айырым ўақытлары кеселлик аўыр кешип, ақыбети өлим менен жуўмақланыўы мүмкин.

ҚКГЫ геморрагиялық белгилерсиз де кешиўи мүмкин. Кеселликтиң бул түринде денеге әспи шықпайды, қанталаўлар бақланбайды, кеселлик тийкарынан ысытпа ҳәм ҳәлсизлик белгилери менен кешеди.

ҚКГЫ кеселлигиниң алдын алыў

Имкәны барынша кенелер бар жерлерге олардың активлескен дәўиринде бармаў керек.

Жайлаў, базарлардан қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилеместен үйге алып келиўге, елатлы пунктлерде бағыўға болмайды.

Ҳайўанлардың кенелеўине қарсы гүресиў зәрүр. Малларда, қораларда кене анықланса дәрҳәл ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў керек. Кенелер көбеймеўи ушын март-октябрь айларында қоралар 4 мәрте дәрилениўи тийис.

Кенелерди азықландырып тарқалыўына алып келетуғын кемириўшилердиң көбейиўине жол қоймаў зәрүр.

Кенелерди қол менен, атаўыз бенен езиў ҳәм қайшы менен кесип өлтириў қадаған етиледи. Кенелеген малдың жүнин қырқыўға болмайды.

Сүт саўыў пайытында сыйырлардан кенени қол менен алмаў керек.

Қырқым мапазына балаларды, жас өспиримлерди ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды тартыў мүмкин емес.

Шарўа малларын арнаўлы шөлкемлестирилген орынларда, арнаўлы кийинген ҳәм қәўипсизлик иләжларын сақлаған ҳалда сойыў талап етиледи.

Кенелеген маллар сойыўдан 2 ҳәпте алдын дәрилениўи ҳәм карантинде сақланыўы мақсетке муўапық.

Денисаў адамның инфекцияланған адам менен жақын қатнаста болыўының алдын алыў, оның иләжы болмағанда қолғап ҳәм басқа қорғаныў затларын кийиў, қолларды турақлы түрде сабынлап жуўыў талап етиледи.

Кене шағыўдан сақланыў мақсетинде иләжы барынша денениң барлық жери ақшыл реңли кийим менен жабылыўы тийис. Кенениң көбинше аяқлар арқалы кириўи инабатқа алынып, шалбардың балақлары беккем байланыўы, носки яки аяқ кийимниң ишине салынады. Жағасы, жеңи ҳәм балақлары беккем жабылатуғын кийим яки комбинезон, мойынды жаўып туратуғын бас кийим, қолғап, етик кийиў, жеке гигиена қағыйдаларына пухта әмел қылыў кеселликтиң алдын алыўда жүдә әҳмийетли.

Егер кене адам денесине жабысқан болса қолқап кийген ҳалда, иләжы барынша териге кирип турған жеринен жиңишке пинцет, беккем сабақ яки арнаўлы әсбап пенен басын үзип алмай абайлап суўырып алып, орнына йод яки спирт жағыў, қолларды сабынлап жуўыў зәрүр. Жақын жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемесине хабарласыў ҳәм 7-8 күн даўамында үй шараятында шыпакер бақлаўында болыў талап етиледи.

Терини кене шағыўдан асыраў ушын дәриханаларда сатылатуғын репеллентлер яғный үркитиўши затлардан пайдаланыў мүмкин.

Репеллентлер териге яки кийимге себиледи, олардың тәсири 3 саатқа шекем даўам етеди, 3 сааттан соң териниң репеллент себилген жерлери хожалық сабыны менен жуўып тасланады ҳәм зәрүр болса тәкирарый қолланылады.

Егер адамды кене шақса, яки денесине кене жабысқанын көрсе, қоллары кене қаны менен ипласланса, сондай ақ ысытпасы көтерилген, мурын, тис түби, асқазан – ишектен, жатырдан қан кеткен наўқасларға жәрдем көрсетсе, наўқастың қаны тери ҳәм силекейли қабатларға тийген болса, онда жәрдем көрсеткен адам да медициналық жәрдемге хабарласыўы шәрт.

Шарўа малларының ийелери, жайлаўларға барып турыўшы, атыз жумыслары менен шығылланыўшы, тәбият қушағында дем алыўшылар өзлерин кене шаққанын анық билмесе де, кеселлик белгилери (ысытпа, бас аўырыў, булшық етлер аўырыўы, ҳәлсизлик, қусыў, иш өтиў) пайда болса, дәрҳал шыпакерге хабарласыўы зәрүр.

 

Қутырыў кеселлиги ҳаққында

Қутырыў – қоздырыўшысы вирус болған, ҳайўан тислегенде жуғатуғын, нерв системасы зəрерлениўине алып келиўши, ақыбети өлим менен тамамланатуғын кеселлик.

Бул кеселлик үй (ийт, пышық, қара мал, ат, ешек ҳ.т.б.) ҳəм жабайы (сағал, қасқыр, түлки, порсық, жарғанат ҳ.т.б.) ҳайўанларға жуққан жағдайда олардан адамларға тислеў, тырнаў ҳəм силекейи тийгенде жуғады.

Тисленген ҳайўан организмине силекей менен вирус түскеннен соң нерв талалары арқалы орайлық нерв системасына карап əсте жылжып барады ҳəм сол жерде тез көбейип, топланады. Нəтийжеде энцефалит – мийдиң исиниўи раўажланады. Соңынан вирус нерв талалары арқалы тарқалып силекей безлериниң эпителиал клеткаларында тез көбейеди. Солай етип, силекейде жүдә көп муғдарда болыўы тәмийинленеди.

Адамға қутырған ҳайўан терини тислегенде, тырнағанда яки оның түпириги тери яки силекей кабатының пүтинлиги бузылған жерге жағылса вирус жуғады. Адамда кеселликтиң келип шығыў мүддети қоздырыўшының күшине, тислеген жердиң жайласыўы ҳəм көлемине байланыслы болады. Ең қəўиплиси бас, мойын ҳəм қол пəнжесинен тислеў болады. Əсиресе жарақат үлкен болса тез арада, яғный 10 күн ишинде кеселлик пайда болыўы мүмкин. Егер аяқтан тислеў, азғантай тислеў яки силекейлениў нəтийжесинде аўырған жағдайда бир неше айлардан, айырым ўақытлары бир жылдан аслам ўақыттан кейин де қутырыў кеселлигиниң раўажланыў итималы бар.

Кеселликтиң алдын алыў

Егер де қандай да бир ҳайўан адамды тислеп алған болса, тислеген жерин дəслеп суў менен, кейин сабын менен көп муғдардағы суўды ағызып жуўып, тезлик пенен поликлиника яки басқа емлеў-профилактикалық мəкемеси шыпакерине хабарласыўы керек. Шыпакердиң көрсетпесине қарап тийисли шаншыў жумыслары травматологиялық бөлим яки антирабикалық кабинетлерде өткериледи.

Көпшилик ўақытлары тислеген ийтти өлтирип таслаў жағдайлары ушыраспақта. Нəтийжеде ийттиң қутырыў кеселлиги менен аўырған яки саў екенлигин анықлаў мүмкин болмай қалады ҳəм зəрүр болмаса да жəбирленген адамды қутырыўға қарсы бир неше рет шаншыўға туўра келеди.

Илəжы болғанша топылған ийтти өлтирместен, оның денсаўлығын 10 күн даўамында ветеринарлық бақлаў астына алыў керек. Ийт қутырған болса усы дəўир ишинде өледи. Егер ийт қутырмаған болып, өлмесе адамды шаншыўдың кереги жоқ, яки шаншыўды тоқтатыў мүмкин.

Ҳəр бир хожалық өзиниң үйиндеги ийт ҳəм басқа да үй ҳайўанларын сақлаў қəделерине əмел қылыўы, оларды ветеринария бөлимлеринен дизимнен өткериўи ҳəм қутырыўға қарсы шаныштырыўы кеселликтиң алдын алыўда əҳмийетли орын тутады.

Сондай ақ балалардың бəҳəр, гүз айларында ийт, пышық ҳəм басқа да ҳайўанлар менен ойнаўына жол қоймаў  керек.

 

От жара менен көбинесе қарамал, қой-ешки, жылқы, ешек, түйе, кийик, суўын кеселленеди, шошқа сийрек аўырады. От жара таяқшасы аўырған малдың қанында, барлық ағзаларында болады ҳəм малдың дəретлери менен жайылған жер топырағына, суўға, малқораға түседи. Сыртқы орталықта от жара микроблары спора менен қапланады ҳəм жүдə шыдамлы болады. Ҳайўанлар от жара микроблары менен патасланған от-шөплерди жегенде, суў ишкенде кеселликти өзине жуқтырады. 1-3 күннен соң кеселлик раўажланып, ҳайўанның қарны иседи, иши қатады, соңынан қан аралас өтеди, ыссылығы көтериледи. Сидигинде, сүтинде қан пайда болады ҳәм әдетте 2-3 күнде мал өледи. Егер малға кеселлик тери арқалы жуқса жеңилирек өтиўи ҳәм мал саўалыўы мүмкин. Кеселликтиң “шахмақ сыяқлы” түринде қарамал бир неше саат, қой бир неше минут-ақ аўырыўы мүмкин. Бунда сырттан қарағанда сап-саў қой бирден жоқары секирип, жерге өлип түседи.

От жара менен аўырған ямаса өлген ҳайўанның жүнин, терисин услаў, оны күтип-қараў, сойыў, терисин шылыў, гөшин бөлеклеў, ишек-қарын, бас-сыйрағын тазалаў пайытында, айырым жәнликлер шаққанда, топырақ-ылай менен жумыс ислегенде кеселлик шақырыўшы микроблар адам терисиниң яки силекей қабатының қыршылған, тырналған жери арқалы адамға жуғады. Кеселлик адамларда көбинше тери түринде жүз береди.Тери түри жеңиллеў өткени менен наўқас өз ўақтында емленбесе қанға өтиў менен асқынласыўы нәтийжесинде өлим жағдайы жүз бериўи итимал. Шийки яки шала пискен гөшти жеў ямаса ҳаўа арқалы жуққанда раўажланатуғын ишек яки өкпе түри аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Кеселликтиң алдын алыў ушын ҳайўанлар арасында кеселликти жоқ етиў керек. Егер мал аўырмаса адам аўырмайды. Усы мақсетте маллар ҳәр жылы от жара кеселлигине қарсы шаншылыўы тийис.

Бизиң халқымыз арасында тарқалған бир иллет мал кеселленип аўыр аўҳалға түскен жағдайда оны «ҳарам өлтирмей, ҳадаллап алыў», гөшин пуллап яки садақа ретинде тарқатыў кең тарқалған. Усының нәтийжесинде малды сойыўға қатнасқан, шийки гөшин туўраған адамлар арасында кеселлениўшилик жағдайлары ушырап турады.

Мал аўырса ветеринария хызметкерине көрсетиў зəрүр. Ветеринария хызметкериниң рухсатысыз аўырған малды сойыў, оның гөшин жеў, жүнин, терисин сатыў қадаған етиледи. Ветеринар малды көзден өткерип, лабораториялық анализлерин алыўы ҳәм тексертиўи керек. Айырым ўақытлары ветеринарлық санитария экспертизасы жуўмағы менен малды сойыўға рухсат етилиўи мүмкин, бирақ от жара, қутырыў ҳ.т.б. кеселликлерге шалынған малды сойыў қатаң қадаған етиледи.

Аўырыў малды ветеринар қәнигениң рухсатысыз сойыў, гөшин, гөш өнимлерин, терисин, жүнин сатыў, тарқатыўда айыпланған адам жынайый жуўапкершиликке тартылатуғынлығын билиў шәрт.

От жарадан өлген мал тек өртеў жолы менен жоқ қылынады, оны жерге көмиў қатаң қадаған етилген. Малдың тезеги, астына төселген сабан, шөп қалдықлары, жумсалған қурал-сайманлар өртеп жибериледи. Соңғы 2 ҳәпте даўамында аўырыў мал менен бир қорада, жайлаўда, суўғарыўда болған маллар басқаларынан бөлекленеди. Сол аймақта карантин жәрияланып, дезинфекция жумыслары өткериледи. Малларды алып шығыў, киргизиў, гөш ҳәм сүт өнимлерин сыртқа шығарыў мүмкин емес. От жараға қарсы шаншылмаған маллар болса дәрҳал шаншыў керек.

Маллар ветеринария врачы тəрепинен көзден өткерилип, арнаўлы қорғаныў кийимлерин кийген адамлар тәрепинен саллақханаларда сойылыўы зəрүр.

Гөштиң түри, реңи ҳәм ийисине қарап аўырыў яки саў малдың гөши екенин айырыў имкәнияты жоқ. Сонлықтан гөшти тек ветеринария-санитариялық экспертизадан өткерилип сатылатуғын жерден алыў керек. Таяр фарш сатып алыўға болмайды. Қарыйдардың көз алдында гөш майдалағыштан өткерилиўи тийис. Ишек-қарынды суўытқыш жоқ жерде тек саат 10:00ға, суўытқышта туратуғын жерде тек 12:00ге шекем сатып алыў мүмкин.

Белгисиз адамлар сатып атырған яки қай жерде сойылғаны белгисиз малдың «деңгене гөшин» арзан баҳасына ямаса қарызға берилетуғынлығына қызығып сатып алыў қəўипли екенин умытпаўымыз керек.

Суўытқышта гөш басқа өнимлерден бөлек сақланыўы тийис. Музлатылған гөшти тек бир мәрте еритиўге болады, қайта-қайта еритип музлатыў гөш сапасын түсиреди.

Шийки гөш ушын асханада арнаўлы тахта, пышақ болыўы, олар таза ҳәм бөлек сақланыўы тийис. Шийки гөш ҳәм гөш өнимлерин аўқат писириўге таярлаў ўақтында қолқап кийиўге әдетлениўимиз зәрүр.

Писпеген гөш, фаршты дәмин, дузын татып көриў қадаған етиледи. Тек жақсы писирилген, қуўырылған гөшти жесек ғана жуқпалы ҳәм паразит кеселликлеринен өзимизди ҳәм шаңарақ ағзаларымызды қорғай аламыз.

 

 

 Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы аса қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлиминиң эпидемиолог врачы   Н.Низаматдинова                                     

Skip to content Click to listen highlighted text!