Қутырыў кеселлиги адам өмири ушын қай дәрежеде қәўипли?
Қутырыў– жуқпалы кеселликлер арасында ең қəўипли, ақыбети өлим менен тамамланыўшы, қоздырыўшысы вирус болған, ҳайўанлардан жуғатуғын, нерв системасы зəрерлениўи менен кешетуғын кеселлик.
Елимизде ҳəм қоңсы республикаларда қутырыў кеселлиги қоздырыўшысының тийкарғы дəреги ийтлер, соңынан пышық ҳəм жыртқыш жабайы ҳайўанлардан қасқыр, сағал ҳəм түлкилер болып есапланады.
Адамға вирус қутырған ҳайўан терини тислегенде, тырнағанда яки оның силекейи тери яки силекей кабатының пүтинлиги бузылған жерге тийсе (жағылса) жуғады. Адам организмине қутырыў вирусы түсиўи менен кеселлик бирден басланбайды. Вирус дəслеп нерв талалары арқалы арқа мий, соңынан бас мийге жетип барады ҳəм сол жерде көбейе баслайды. Усы ўақыт аралығында кеселлик белгилери жүзеге шықпайды ҳəм бул жасырын дəўир деп айтылады. Бул дəўир 1 ҳəптеден 1 жылға шекем, айырым жағдайларда оннан да көп ўақыт даўам етиўи мүмкин. Кеселликтиң орташа жасырын дəўири 1-3 айды қурайды. Адамда кеселликтиң келип шығыў мүддети қоздырыўшының күшине, тислеген ҳайўан түрине, жарақаттың жайласыўы ҳəм көлемине, адам организминиң кеселликлерге қарсы гүресиў қəбилетине байланыслы болады. Ең қəўиплиси бас, мойын ҳəм қол пəнжеси, бармақларын тислеў болып, əсиресе жарақат үлкен болса тез кеселлик белгилери көриниўи мүмкин. Егер аяқтан тислеў, кишкене көлемли жарақатланыў яки силекейлениў нəтийжесинде аўырған жағдайда жасырын дəўир бир неше айлардан, айырым ўақытлары бир жылдан аслам ўақытқа созылыўы итимал. Қутырыў кеселлиги тисленген жер орнының қышыўы, тартылыўы, питип кеткен жараның орны яки тыртығы қайтадан исиниўи менен басланады. Наўқаста түскинликке түсиў, қапа болыў, адамлар менен сөйлесиўден өзин тартыў, уйқының бузылыўы, иштейдиң пəсейиўи, қорқыныш сезиминиң пайда болыўы, кейпияты өзгериўшеңлиги, əтираптағыларға бийпəрўалық белгилери бақланады. 2-3 күннен соң наўқаста қозыў, яғный кеселликтиң ҳəўиж алыў дəўири басланады. Наўқастың дене ысытпасы көтериледи, қан тамырларының урыўы тезлеседи. Суўды көргенде, ҳəттеки суў ҳаққында еситкенде жутыў булшық етлери тартылып қатты аўырыўы, жутыныўы қыйынласыўы себебинен наўқас суўдан қорқады. Соңынан ҳаўадан, жарықлықтан, бəлент ҳаўаз ҳəм шаўқымнан қорқыў белгилери қосылады. Жутыў ҳəм дем алыў булшық етлеринен басланған тартылыў барлық булшық етлерге тарқалады. Ҳаўазы буўылады, аўзынан силекейи ағады, көз қарашығы кеңейеди, денеси терлеп, аяқ-қоллары қақсайды. Көзлери бир заттан қорққандай түске енеди. Дем алыўы, жүрек соғыўы бузылады. Наўқастың уйқысы бузылады, өз-өзин тислейди, онда тəбийий емес ҳəдден тыс күш пайда болыўы, əтираптағыларды урыўы, тислеўи, өзиниң кийимлерин жыртыўы мүмкин. Соңынан көзине жоқ нəрселер көринип, сандырақлайды, бирак есинен танбайды. Бул дəўир 2-6 күн даўам етиўи итимал. Кеселликтиң соңғы, яғный лəңлик (паралич) дəўиринде қорқыў белгилери кемейип, наўқас тынышланады, суйықлық ише баслайды, аўқат жегиси келеди. Бирақ ысытпасы бəлентлигинше қалады, сөзлерди анық айта алмайды. Соңынан аяқларынан баслап барлық булшық етлериниң лəң болыўы, жүрек-қан тамыр, дем алыў ағзалары хызметиниң бузылыўы наўқастың өлимине алып келеди. Айырым жағдайларда кеселлик тек лəңлик түринде тыныш кешип қозыўдың анық белгилери көринбеўи мүмкин. Адамды ҳайўан тислегеннен соң қутырыў кеселлигиниң бирден бир алдын алыў жолы қутырыўға қарсы вакцина менен шаншыў болып табылады. Шаншыўды шыпакер буйырған тəртипте толық ҳəм үзиликсиз алыў керек, болмаса профилактикалық емлеў күтилген нəтийже бермей кеселлик раўажланыўы мүмкин. Егер де қандай да бир ҳайўан адамды тислеп алған болса, тислеген жерин дəслеп суў менен, кейин сабын менен көп муғдардағы суўды ағызып жуўып, тезлик пенен поликлиника яки басқа емлеў-профилактикалық мəкемеси шыпакерине хабарласыўы керек. Көпшилик ўақытлары тислеген ийтти өлтирип таслаў жағдайлары ушырасады. Нəтийжеде ийттиң қутырыў кеселлиги менен аўырған яки саў екенин анықлаў мүмкин болмай қалады ҳəм зəрүр болмаса да жəбирленген адамды қутырыўға қарсы артықша шаншыўға туўра келеди. Илəжы болғанша топылған ийтти өлтирместен, оның денсаўлығын 10 күн даўамында ветеринариялық бақлаў астына алыў керек. Ийт қутырған болса усы дəўир ишинде өледи, егер ол қутырмаған болып өлмесе адамды шаншыў тоқтатылады. Ҳəр бир хожалық өзиниң үйиндеги ийт ҳəм басқа да үй ҳайўанларын сақлаў қəделерине əмел қылыўы, оларды ветеринария бөлимлеринен дизимнен өткериўи ҳəм қутырыўға қарсы шаныштырыўы, сондай ақ ересеклер ҳəм балалардың ийт, пышық ҳəм басқа да ҳайўанлардан жарақатланыўына жол қоймаў кеселликтиң алдын алыўда əҳмийетли орын тутады.
ҚР Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Аса кәўипли жуқпалы кеселликлер бөлими эпидемиолог врачы А. Турениязов