Click to listen highlighted text!

«Коррупция иллетлериниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў» бойынша басқарма хызметкерлери ҳәмде аймақлық қала ҳәм районлық Санитария-эпимиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлериниң баслықлары ҳәмде жуўапкерли хызметкерлери қатнасыўында, видео конференция байланысы арқалы усы жылдың 22-май күни ашық сәўбетлесиў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасыда 2023-жыл 1-шерек ис-режесине муўапық, «Коррупция иллетлериниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў» бойынша басқарма хызметкерлери ҳәмде аймақлық қала ҳәм районлық Санитария-эпимиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлериниң баслықлары ҳәмде жуўапкерли хызметкерлери қатнасыўында, видео конференция байланысы арқалы усы жылдың 22-май күни ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Ашық сәўбетлесиўде, Нөкис қалалық Әдиллик бөлими, Юристлер орайы хызметкерлери ҳәм басқарманың юрист мәсләҳәтшиси Р. Хожаназаорвлар тәрепинен жыйналыс болып өтти.

Сәўбетлесиўде, коррупция жағдайы ҳәм оның иллетлери ҳаққында жәмәәтшилик пикирин үйрениў, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң коррупцияға қарсы гүресиўдеги орны ҳаққында, корруцияның алдын алыў бойынша машқалалы мәселелерге кең түрде тоқтап өтти.

Нөкис қалалық Әдиллик бөлими ҳәм Юристлер орайы хызметкерлери Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 3-январда қабыл етилген «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы» нызамының мақсети, тийкарғы түсиниклери, коррупцияға қарсы гүресиўдиң принциплери, коррупияға қарсы гүресиў бойынша жумысын әмелге асырыўшы мәмлекетлик органлары ҳаққында, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын көтериў, жәмийетте коррупцияға қарсы тоқтаўсыз мүнәсибетти түрлендириў ҳәмде мәплер тоқнасыўының алдын алыў сондай-ақ, оны сапластырыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында қатнасыўшыларға әпиўайы ҳәм кең түрде турмыста жүз берип атырған ўақыяларға байланыслы түсиник жумысларын алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы юрист мәсләҳәтшиси Р.Хожаназаров өз сөзинде, усы нызам қабыл етилгеннен соң кейинги бес жыл ишинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 3 пәрман ҳәмде 2 қарарлар қабыл етилгенлиги ҳаққында олардың мазмун-мәнисине кең түрде тоқталып өтти. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 12-январдағы «Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-81 санлы қарары менен тастыйықланған қағыйданың 6-бәнтинде коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелиги 0 баллдан 100 баллға шекем рейтингте баҳаланып, жумыс нәтийжелиги «жақсы», «қанаатланарлы» ҳәм «қанаатландырарсыз» категориялары белгиленген. Бунда, индикаторлардың орынлаўы арқалы 81 баллдан 100 баллға шекем топлаған мәмлекетлик шөлкеми жумысы нәтийжелиги – «жақсы»; 55 баллдан 81 баллға шекем топлаған мәмлекетлик шөлкеми жумысы нәтийжелиги – «қанаатландырарлы»; 55 тен пәс балл топлаған мәмлекетлик шөлкеми жумыс нәтийжелиги – «қанаатландырарсыз» деп табылатуғынын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетине 2023-жылдың I шерегинде 6-қатарда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен берилген 74 балл көрсеткишке ийе болып, демек бул бизиң тараўға қанаатландырарлы баҳа берилгенлигинен дурыс жуўмақ шығарып, алдағы ўақытларда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша тынымсыз мийнет етип, қәниге ҳәмде хызметкерлеримиздиң ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўда үгит-нәсият жумысларын алып барыўымыз шәртлигин атап өтти.

 

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!