Усы жылдың 27-май күни Тақыятас районындағы «Айдын жол» дем алыў орайында 2023-жылдың жаз мәўсиминде балалардың жазғы дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм балалардың дем алыўлары ушын қолайлы шәриятлар жаратыў бойынша семинар өткерилди.
Семинарға Балаларды дем алдырыў ҳәм саўалландырыў бойынша Республикалық комиссия ағзалары, кәсиплик аўқамлары белсендилери, тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң басшылары, балалар дем алыў орайларының баслықлары, тәрбияшылары, жетекшилери қатнасты.
Семинарда, дем алыў орынларында санитария қағыйда ҳәм норма талапларына әмел етилиўи бойынша, сондай-ақ сменалар аралығында дезинфекция, дезинсекция жумысларын өткериўде айрықша бақлаўға алыынғанлығы атап өтилди.
Республикамызда 11 орында стационар түрдеги дем алыў орынлары шөлкемлестирилген, оларда 6910 баланың дем алыўы режелестирилген. Орынлардағы дем алыў орайларына балалардың таза ишимлик суўы ҳәм гигиеналық сертификатларға ийе азық-аўкат өнимлери менен тәмийинлениўи атап өтилди. Күнделикли санитария-гигиена қағыйдаларына әмел етиўлерин бақлап барыў мақсетинде, аймақлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими қәнигелери буйрық тийкарында бириктирилгенлиги атап өтилди.
Семинар даўамында балалардың жазғы дем алысын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм ведомстволардың ўәкиллери шығып сөйлеп, пикир-усыныслары билдирилди.
Семинарда қатнасыўшылар атап өтилген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
ҚР Санэпидбасқармасы Мәлимлеме хызмети