Усы жылдың 17-июнь күни “Хожели районы – үлгили район” атамасында семинар болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы тәрепинен Хожели районы ҳәкимияты мәжилислер залында Санитария-эпидемиология хызмети бөлиминиң жумысларына байланыслы семинар шөлкемлестирилди. Семинарды Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жамийет саламатлығы комитети баслығы Б.Юсупалиев ашып берди. Сөз нәўбетинде Хөжели районы ҳәкими Ж. Ермашев семинар шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығын билдирди.
Семинарға Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардың Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жамийет саламатлығы басқармалары ҳәм олардың районлық бөлимлеринен қәнигелер қатнасты.
Қарақалпақстан тәжирийбеси мысалында Хожели районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде әмелге асырылған жумыслар бойынша тәжрийбелер алмасыў, ерисилген жетискенликлери ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлерди өз ўақтында дүзетиў ҳәм келешекте алдын алыў туўралы Хожели районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы М.Утениязов баянаты тыңланды.
Семинар барысында мийманларымыз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығы Б.Қутлымуратов ҳәм Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев ҳәмде басқада тараў қәнигелерине “Миннетдаршылық” билдирилди. Соның менен бирге районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимине тараўға қаратып атырған итибарын жоқары баҳалап, өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм тараўды еледе раўажландырыў мақсетинде 50 млн сўмлық сертификат тапсырылды.
Семинар даўамында медиа-тур шөлкемлестирилген болып, дәслеп мийманларымыз Өзбекстанда үлгили район деп есапланған, бәрше қолайлықларға ийе болған Хожели районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде болды.
Халықтың қәўипсиз ҳәм саламат турмыс-тәризин тәмийинлеў мақсетинде бөлимде жаратылған заманогөй шарт-шәраятларды ҳәм лабораториялар жумысы менен жақыннан танысып шықты.
Кейинги манзил Нөкис қаласында жайласқан “Алтын жағыс” мәкән пуқаралар жыйнында болды. Онда Нөкис қаласы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша әмелге асырылған жумыслар, пуқаралардың турмысын жақсылаў ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты. МПЖ мәжлислер залында илаж қатнасыўшыларына Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслғы С.Сейтованың бөлим жумысларына байланыслы мағлыўматлары менен танысты.
Мийманларымыз мәдений дем алыўлары ушын дүнья жүзинде 2-орында турыўшы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик музейге саяҳат етти ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик музыкалы театрында арнаўлы концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Семинар қатнасыўшыларының Қарақалпақстаннан алған тәсирлери, өз ара пикир алмасыўлары менен өткен семинар өз жуўмағына жетти.
ҚР Санэпид басқармасы Мәлимлеме хызмети