МҮРӘЖАТ
Нөкис қаласы “Шайырлар аўылы” МПЖ, Досумов көшеси 46-жай турғыны Д.Бердимуратованың жазба түрдеги мүрәжатында, үйиниң алдында орайлық канализация жарылып, шығынды суў сыртқа ағыўы ақыбетинде, ҳаўаға жағымсыз ийис таратып турғанлығы ҳәм бул суў үйиниң алдына егип қойған тереклерин қуўратып таслағанлығы бойынша Нөкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимине еткен ниң қәнийгелери, “Шайырлар аўылы” МПЖ ҳәмде Нөкис қаласы “Ақаба суў” филиалы қәнийгелери менен биргеликте үйрениў жумыслары алып барылды.
Усы мүрәжат жүзесинен Нөкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң көрсетпеси бойынша Досумов көше бойындағы орайлық канализация тармағына ревизия ҳәм канализация тармағына оңлаў жумысларын алып барылып, мүрәжат ийесиниң шағым арзасы қанаатландырылды. Машқаланың шешилгенлиги бойынша Нөкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимине өз миннетдаршылығын билдирди. ҚР Санэпид басқармасы Мәлимлеме хызмети