Ыссы ҳаўа-райы күтилип атырғанлығы, бул жағдайды инабатқа алып, мийўе ҳәм палыз өнимлерин тутыныўдағы қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм аўқаттан зәҳәрлениў жағдайларының алдын алыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2023-жыл 8-июль күнги, Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының 2023-жыл 10-июль күнги тапсырма хатларына тийкарланып, дийқан базарларында ҳәм ўақытша шөлкемлестирилген саўда орынларында рейд илажлары өткерилди.
Рейд даўамында аймақлық бөлимлер тәрепинен пестицид ҳәм нитрат қалдықлары лабораториялық тексериўлерден өткерилип, 1257 кг палыз өнимлеринде көрсеткишлер муғдары нормадан жоқары болғанлығы себепли саўдадан шетлетилип, тийисли тәртипте сапластырылды.
ҚР Санэпид басқармасы Мәлимлеме хызмети