Click to listen highlighted text!

Гепатит А кеселлигине қарсы биргеликте гүресемиз!!!

Ɵзбекистан Республикасы Санитария-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликтеги «Республикада балалар арасында жуқпалы ҳәм паразитар кеселлениўди кемейтиўге қаратылған ис-илажларды  жетилистрирыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша 2022-2023-жылларға мөлшерленген қосымша ис-илажлар жойбары» ныӊ орынланыўы жүзесиннен балаларды кеселликке қарсы емлеў ҳәм кеселлениў көрсеткишин кемейтириўге қаратылған жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мәқсетте, өткен 2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасыныӊ «Эпидемияға қарсы гүресиў қоры» есабыннан социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмийнленген шаӊарақлардыӊ 3-8 жаслы балаларын вируслы гепатит А кеселлигине қарсы бийпул еслеў ушын 2270 доза  вакцина сатып алынып, шаншыў жумыслары өткерилди.       2023 жылдыӊ июнь айында болса, 534 доза “OLVAXTAR-HAV” вакцинасы сатып алынып, емлеў жумыслары алып барылды. Бул өз нәўбетинде гепатит А кеселлиниӊ алдын алыўда өз нәтижелилигин бермекте. Шаншыў жумыслары даўамында Емлеў пунктлары Ɵзбекистан Республикасыныӊ 0239-07/4-санлы «Жуқпалы кеселликлер иммунопрофилактикасы» Санитария қағыйда ҳәм нормалары талаплары тийкарында қәўипсиз емлеў илажлары көрилген. Егер, Сиз өз перзентиӊингизди вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емлетпекши болсаңыз, перзентӊингиз алдын вируслы гепатит кеселлиги менен аўырмаған болыўы ҳәм вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емленбеген болыўы керек.

 Мағлыўмат орнында: бир доза вакцина менен емленгеннен кейин, 15 жылға шекем кеселлениўге қарсы иммунетет сақланып қалынады ҳәм вируслы гепатит А ға емлеў эффективлиги 95-98 % ни қурайды. Бүгинги күнде бул вакцина миллий емлеў календарына киритилмегенлиги себепли, балалардың ата-аналары есабынан пуллы тийкарында әмелге асырылмақта. Вируслы гепатит А қарсы вакцина шаншытпақшы болсаӊыз аймақлық поликлиникаға ямаса аймақлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлерине мурәжет қылсаңыз болады.

    Ҳүрметли Ата-Аналар!!! Перзентлериӊиздиң саламатлығына бийпарқ болмаӊ!

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық хәм жәмийет саламатлығы басқармасы Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!