Click to listen highlighted text!

Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги ҳəм оның алдын алыў

Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги ҳəм оның алдын алыў

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги өткир вируслы аса қəўипли жуқпалы кеселлик болып, көпшилик жағдайда аўыр ақыбетлерге ҳəм өлимге алып келеди.

Кеселлик тасыўшылар: Бул кеселлик вирусы тийкарынан кенелер арқалы тарқалады. Вирус өмир бойы сақланыўы, оның әўладларына өтиўи, ҳайўанларға ҳәм адамларға жуғыўы мүмкин. Бундай кенелер қара мал, қой-ешки, ат ҳəм қоян, кирпитикен, үлкен қум тышқаны сыяқлы майда омыртқалыларда кең тарқалған. Ҳайўанлар ҚКГЫ кеселлиги менен аўырмайды, бирақ вируслы кене шаққаннан соң он күн – еки ҳəпте олардың қанында кеселлик қоздырыўшысы болады.

Жуғыў жоллары: адамларға кене шағыў, қара мал, қой-ешкилердиң кенелерин езип өлтириў, оларды кенеден тазалаў, қойлардың жүнин қырқыў, ҚКГЫ кеселлиги менен аўырған наўқасты күтип – қараў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў пайытында жуғыўы мүмкин. Әҳмийетли: ҚКГЫ кеселлиги көбинесе шөл зонасы менен байланыслы болған кәсип ийелеринде, үйлеринде мал сақлаўшы адамларда бәҳәр – жаз айларында ушырасады. Кеселликти анықлаўда наўқастың соңғы 2 ҳәпте ишинде кене шағыўы яки оны езип өлтириўи, кеселлик тасыўшы ҳайўанды сойыў, тазалаў менен шуғылланғанын анықлаў жүдә әҳмийетли.  

Кеселлик белгилери Кеселликтиң жасырын дәўири 1-14 (орташа 2-7) күн даўам етеди ҳәм улыўма зəҳəрлениў белгилери менен бирден өткир басланады. Дене ыссылығы көтериледи, күшли бас аўырыў, булшық етлер,  қарын аўырыўы,  көңил айныў, қусыў, иш кетиў, иштейдиң жоғалыўы белгилери пайда болыўы, наўқастың бети, мойны, көзлери қызарыўы, денеге таспа тасыўы, бет-әлпети исиклеў  көриниўи  мүмкин. Мурын, асказан, ишек, тистиң түби (десна), жатыр ҳәм басқа ағзалардан қан кетиўи, кеселлик аўыр кешкен жағдайларда қан кетиў нәтийжесинде өлим менен тамамланыўы мүмкин.

 Кеселликтиң алдын алыў бағдарлары

 Вирустың кенеден адамға жуғыў қәўпин кемейтиў: – кенелер көп жерлерге ҳәм олар активлескен дәўирде бармаў керек. Шөл зонасына (тәбият қушағына) апрель-июнь айларында имкәны барынша шықпаў; – жайлаўдан, базарлардан қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилеместен үйге алып келмеў; – ҳайўанлардың кенелеўине қарсы гүресиў, малларда, қораларда кене анықланса дәрҳәл ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў; – кенеси бар қойларды қырқыў қәўипли екенлигин умытпаў; – қырқымға балалар ҳәм жас өспиримлерди тартпаў; – қырқым пайытында, маллар менен жумыс ислегенде жеке гигиенаға итибар бериў; – қырқым ўақтында қорғаўшы кийим (қолқап, етик, қалың материалдан тигилген узын жең кийим (комбинезон), шалбардың балағын беккемлеп носки яки етикке тығыў) кийиў керек; – кене көзге тез тасланыўы ушын ақшыл реңдеги  кийим кийиў; – кийимге пайдаланыў рухсат етилген кенеге қарсы химиялық препаратлар (акарацидлер) қолланыў; -кенени үркитиў мақсетинде териге ҳәм кийимге пайдаланыў рухсат етилген репеллентлер қолланыў; – кенени табыў ушын денени хам кийимлерди регуляр көзден сткериў; – егер кене денеге жабысып турған болса, оны жулып алмастан қолқап пенен биресе бир жаққа, биресе екинши жаққа ақырынлық пенен айландырып, беккем сабақ ямаса жиңишке пинцет пенен абайлап алыў, кейин  қолды сабынлап жуўыў; – алынған кенени қол менен яки тас пенен езиў, қайшы менен қыйыў мүмкин емес, езилген кенениң қаны жүдә қәўипли. Оны өлтириў ушын керосин, соляркаға салыў ямаса жағып жибериў; – егер кене шақса яки қоллар кене қаны менен ипласланса, сабынлап жуўып болып тезлик пенен емлеў-профилактикалық мәкемесине мүрәжат етиў керек.

  • Кеселликтиң адамларға ҳайўанлардан жуғыў қәўпин кемейтиў:

-саллақханаларда яки үй шараятында малларды сойыў, гөшлерди бөлиў пайытында қолқап ҳәм басқа қорғаныў кийимлерин кийиў; – кенелеген малларды соймастан 2 ҳәпте бурын кенеге қарсы дәрилеў ҳәм карантинде сақлаў зәрүр.

  • Кеселликтиң адамларға наўқас адамлардан жуғыў қәўпин кемейтиў:

– Қрым Конго геморрагиялық ысытпасы менен аўырған наўқаслар менен қатнаста болмаў; – наўқасларды бағыў пайытында қолқап ҳәм басқа қорғаныў кийимлерин кийиў; – наўқасларды күткенде, оларды көриўге барғаннан соң қолды сабынлап жуўыў зәрүр.

ҚР Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы  Аса қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлими меңгериўшиси   И.Байназаров

Skip to content Click to listen highlighted text!