Click to listen highlighted text!

Әмиўдарья районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур шөлкемлестирилди

Әмиўдарья районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур шөлкемлестирилди

Медиа-турға жергиликли ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасып район аймағында жайласқан кеўил ашар орынлар, азық-аўқат дүкәнлары ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша район аймағындағы мәҳәллелерде бөлим қәнигелери менен биргеликте көрсетпе материаллар тарқатыўда ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыўда қатнасып, “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша өзлерине кеңнен түсиник алды.

Медиа-тур соңында Әмиўдәрья районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы Гулмурод Бекиев, бөлим қәнигелери ҳәм жергиликли ҒХҚ ўәкиллери менен биргеликте “Санитария-эпидемиология хызмети тараўында жаңадан қабыл етилген қәнигелерди заманагөй талаплар тийкарында оқытыў” ҳәм “Устаз-шәкирт системасы тийкарында билим ҳәм көнликпелер алмасыўы” бойынша мәселелер додаланды ҳәм бул бойынша тийисли қәнигелерге тапсырмалар менен усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Санэпид басқармасы Мәлимлеме хызмети

 

 

Skip to content Click to listen highlighted text!