Click to listen highlighted text!

Лейшманиоз қəўипли кеселлик, оған бийпарўа болмайық!

Лейшманиоз қəўипли кеселлик, оған бийпарўа болмайық!

   Лейшманиоз жүдə кең тарқалған паразитар кеселлик болып, адамларда ҳəм ҳайўанларда ушырайды. Көбинесе климаты ыссы мəмлекетлерде, сондай-ақ Қарақалпақстанның Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў районларында, буннан басқа Қоңырат, Кегейли ҳəм Нөкис қаласының айырым аймақларында кеселликтиң эндемик ошақлары бар. Пүткил дунья жүзлик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматына қарағанда 350 миллион адам бул кеселлик пенен кеселленген. Ҳəр жылы 14 миллионнан аслам адам бул кеселлик пенен кеселленеди. Буннан басқа висцерал лейшманиоз бенен 50 мынға жақын адамларда өлим жағдайлары дизимге алынбақта. Қарақалпақстан аймағында бул кеселликтиң 2 түри: висцерал (ишки) ҳəм зооноз тери лейшманиозы ушырасады. Лейшманиоз кеселлигиниң тери түринде тери ҳәм силекей қабатларды, висцерал түринде ишки ағзаларды зыянлайды.    Зооноз тери лейшманиозы: Кеселликтиң қозғатыўшысы көбинесе аўыллық ҳəм қалалық жерлерде ушырасады. Адамлар көп жағдайларда шөл ҳəм ашық майданларда кеселликти жуқтырып алыў қəўипи көбирек болады. Қозғатыўшылардың тəбийий хожейини кемириўшилер болып, үлкен қум тышқанлары есапланады. Тийкарынан кеселлениў август-сентябрь айларына туўра келип сол ўақытлары көбейип баслайды. Тери лейшманиозы шөл аймақларына жақын халық жасайтуғын жерлерде көп ушырасады. Лейшманиоз кеселлигин сүйир шыбынға уқсас москит шыбыны шағыўы нәтийжесинде жуққан паразитлер-лейшманиялар келтирип шығарады. Кеселлик тасыўшы шыбынлар индемеслер яғный москитлер – майда (1,3-3,5 мм), сары, ақшыл қоңыр, ири қара көзли, узын аяқлы ҳəм еки жоқарыға көтерилген қанаты бар жəнлик. Пүткил денеси ҳəм қанатлары узын, қалың түклер менен қапланған. Олар секирип, қысқа аралыққа ушады. Халық жасайтуғын жерлерде шығынды үйиндилери, тасланды  орынларда, гүң жыйналған малқоралар, гөне тамларға мәйек қояды. Бир мәўсимде (апрельден ноябрьге шекем) 2 мәрте нәсил береди. Лейшманиоз кеселлигиниң тийкарғы дəреги қаңғымай ийтлер, жабайы  хайўанлар, үлкен қум тышқанлары ҳәм басқа түрдеги кемириўшилер болып табылады. Москитлер кемириўшилер, кирпитикен, түлки, қасқыр инлеринде, тереклердин жарықларында көбейеди. Олардың инлеринде қан сорып азықланады ҳәм мәйек қойып көбейеди. Егер бул ҳайўанлар лейшманиялар менен зəрерленген болса, олардың қанынан паразитлер москитке өтеди. Зəрерленген москитлер шаққанда лейшманиялар адамларға жуғады. Адам денесиниң ашық жерлеринде: бет, мурын, қол ҳәм бармақларында  шыйқан сыяқлы үлкен-киши, узақ мүддет (бир жылға шекем) питпейтуғын жаралар пайда болады. Жаралар саны бир яки бир неше болыўы мүмкин. Жаралар қол-аяқлардың буўынларында болса, ҳәрекетлерди шегаралап қояды. Жара питкеннен соң орнында тыртық қалады. Кеселликтин клиник белгилери: Зыянланған маскит шыбыны шаққаннан кейин адамда тери лейшманиоз кеселлиги басланады. Шыбын  шаққан  жерлеринде торсык пайда болады. Торсық үлкейип оның ортасында жара пайда болады. Жарадан суйықлық бөлинип шығады. Жасырын (инкубацион) дәўири 1-4 ҳәптеге шекем базы ўақытлары 1,5-2 айға шекем даўам етеди. Кеселленгеннен кейин иммунитет пайда болып, бир өмирге сақланады. Кеселликтиң 2-10 %ти қайталаныўы мүмкин.    Висцерал (ишки) лейшманиозы-кеселленген ийтлер, сағал, түлки, қасқырлар арқалы жуғатуғын жуқпалы кеселлик болып, созылмалы кешиўи менен ҳарактерленеди. Бул узақ даўам етиўши ысытпа, талақ ҳәм баўырдың үлкейиўи, кем қанлық белгилери менен пайда болады. Висцерал лейшманиозы жасырын дәўири 20 күннен 1 жылға шекем, орташа 3-5 ай болады. Висцерал лейшманиоз бенен аўырған  наўқасларда  дене ыссылығының көтерилиўи, баўыры ҳәм талақтың үлкейиўи,  кем қанлық, дене салмағының  кемейиўи белгилери пайда болады. Висцерал лейшманиоз бенен аўырған наўқаслар арнаўлы емленбесе 98-99% өлим менен жуўмақланады. Олар өз ўақтында емленсе толық саўаланып кетеди. Кеселликтиң алдын алыў ушын тәбиятта кемириўшилерге қарсы гүресиў, кемириўши ҳәм жабайы ҳайўанлар инлерин москитлерге тәсир етиўши зәҳәрли дәрилер менен дәрилеў зəрүр. Ең зәрүр илажлардан бири халық жасаў орынларында санитариялық тазалық талапларына бойсыныў болып есапланады. Ҳәўли ҳәм көшелердиң тазалығына өз ўақтында итибар бериў, шығындыларды, гөне тамларды жоқ етиў шараларын көриў тийис. Халықтың жасайтуғын орынларында тасыўшылар көбейетуғын шығынды үйиндилери, уралары, тасланды  қутылары, адамлар жасайтуғын ҳәм ҳеш ким турмайтуғын жарамсыз имаратлар, ийт кетеклери дәрилениўи лазым. Ийесиз қаңғымай ийтлерди жоқ етиў керек. Сүйир шыбын ҳəм москитлерден қорғаныў ушын адам терисине сүртилетуғын репеллент суйықлыклар ҳәм кремлерден пайдаланылады. Пешеханалардан пайдаланыў, есик ҳәм айналарға майда торлар тутыў кеселликтиң алдын алыўда үлкен əҳмийетке ийе. Кеселлик белгилери пайда болса, дəрҳал шыпакерге хабарласыў зəрүр.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық

тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы  басқармасы паразитология

 бөлими энтомолог   Х.Айтмуратова

Skip to content Click to listen highlighted text!