От жара кеселлиги қандай кеселлик?
От жара кеселлиги – аса қәўипли жуқпалы кеселлик болып, аўыр интоксикация, дене ыссылығының көтерилиўи ҳәм териде жараның пайда болыўы, кемнен кем жағдайларда ишек яки өкпе түринде ушрасыўшы, қозғатыўшысы Bacillus-ahthracis бактериясы болып, ҳәр түрли жуғыў механизмлерине ийе кеселлик есапланады. Қозғатыўшылар вегататив (бацилляр) ҳәм споралы түрде ушырайды. Табиятта от жара кеселлиги қозғатыўшысын сақлаўшысы (резервуары) топырақ болып есапланады. От кеселлигиниң қозғатыўшысы топырақда спора түринде бир неше жылдан 10 жыллап сақланып қалыўы мүмкин, айрым мағлыўматларда 60-70 жылдан 100-200 жылға шекем жасаўы мүмкин деп көрсетилген.
Кеселликтиң жуғыў жоллары
Ҳайўанлар от жара кеселлиги қозғатыўшысы менен зыянланған затлар менен азықланғанда өсимликлер тамырын ҳәм от-шөп жеў нәтийжесинде жарақатланған тери арқалы кеселлик қозғатыўшысын жуқтырып алады, оннан басқада от жара кеселлиги таяқшалары ҳаўа тамшы, ҳаўа шаң ҳәм жоқары демалыў жоллары, сондай-ақ аўыз арқалы да ҳайўанларға жуғыўы мүмкин. Кеселлике шалынған ҳайўанлар сыртқы орталыққа сидик, қан аралас суйықлықлар, өкпеден шығатуғын ажыратпалар арқалы кеселлик қозғатыўшыларын шығарады. Майда ҳәм ири шақлы маллар от жара кеселлигине көбирек дуўшар болады, ал жабайы ҳайўанлар (ийт, пышық) бул кеселлик пенен кемнен-кем жағдайларда кеселленеди. От жара кеселлиги менен аўырған ямаса аўырып өлген ҳайўанның терисин, жүнин услағанда ямаса оны сойғанда, гөшин бөлеклегенде кеселлик шақырыўшы микроблар адамның терисине ҳәм териниң қыршылған, тырналған жери арқалы адам организмине өтеди.
От жара кеселлиги ҳайўаннан-ҳайўанға, ҳайўаннан-адамға жуғад. Бирақ, кеселлик адамнан-адамға, адамнан-ҳайўанға жуқпайды.
От жара кеселлиги адамға төмендеги жоллар менен жуғады:
- Қатнас арқалы (кесел ҳайўанларды сойғанда, гөшин майдалағанда, терисин шылғанда, асказан-ишек, гелле-бас аяғын тазалағанда ҳәм ҳайўанлар күтиминде);
- Алиментар жол менен (жетерли термик ислеўден өткерилмеген гөшлерди пайдаланғанда);
- Аэроген-аэрозол (лаборатория шараятында от жара кеселлиги бактериясы сақланған шаңлы ҳаўа менен дем алғанда.);
- Трансмассив (айрым қан сорыўшы буўын аяқлылар арқалы). Бул кеселлик көбинше кәсиплик кеселлик болып буның менен қассаплар, шопанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, тери-жүн қоймаханада ислеўши ҳәм шуғылланыўшы кәсип ийелери аўырады.
От жара кеселлиги адам организмине 3 түрли жол менен жуғады:
- Жарақатланған тери арқалы.
- Силекей қабатлар арқалы.
- Аўыз ҳәм жоқары демалыў жоллары арқалы.
Кеселлик белгилери
Қозғатыўшының организмге қайсы жол менен түсиўине қарап кеселликтиң тери, ишек ямаса өкпе түрлери келип шығады. Егер тери арқалы түссе-тери, аўыз арқалы кирсе аўыз-жутқыншақ ҳәм ишек, жоқары демалыў жоллары арқалы кирсе өкпе түрлери келип шығады. Кеселликтиң жасырын дәўири бир неше саатдан (орташа 2-3 күн) 14 күнге шекем даўам етеди, клиник түрлери булар:
- Тери
- Өкпе
- Ишек формасы
- Аўыз-жутқыншақ формасы.
Тери формасында қозғатыўшылар кирген жерде 2-3 күннен соң қышыйтуғын қизғыш дақ пайда болып, ол қызыл түсли пүпекшеге (папула) айланады ҳәм жара исип реңи көмир реңиндей болып жараның ортасында аўрыў болмайды. Наўқаста бул ўақытта бас аўырыўы, демалыўы тезлесиўи, дене температүрасының 39-40 градусқа шекем көтерилиўи, ҳәлсизлениў белгилери менен өтеди. Тери формасының ең қәўиплилиги оның тийисли емлеў илажлары басланбаса кеселликтиң аўыр формасына өтип наўқастың жағдайы аўырласады. Өкпе формасы жүдә аўыр өтеди ҳәм көбинше өмир заўалы менен тамамланады. Кеселлик тез басланады, наўқаста самаллаў белгилери, көкирек бөлиминде өткир аўрыў пайда болады, демалыўы қыйынласады, жүрек урыўы тезлеседи, өкпеден шығатуғын ажыратпаларда қан пайда болады. Кеселлик 2-3 күн даўам етиўи мүмкин. Ишек формасы улыўма зәҳәрлениў, дене температүрасының көтерилиўи, қарында өткир аўрыў пайда болыўы, кеўил айныўы, қан аралас қусыў ҳәм иш өтиўи менен характерленеди. Наўқастың жағдайы тез аўырласады ҳәм наўқастың жағдайы жаманласыўы мүмкин. Аўыз-жутқыншақ формасында жутқыншақ исинген, жутыныўдың кыйынласыўы, зиянланған тәрепде мойынның аўрыўлы болыўы безлердиң исиниўи гүзетиледи, кеселлик ҳәўиж алғанда мойында ҳәм көкиректиң алдынғы бөлиминде исик, өткир демалыў жетиспеўшилиги гүзетиледи.
Кеселликтин емлеў жоллары
От жара кеселлигин емлеўде, кеселликтиң формаларына, пайда болған клиник белгилерине, кешиўине қарап емлеў усыллары қолланылады. Кеселликтиң тери формасында хирургик усыллар усынылмайды, себеби наўқаста сепсис басланыўы мүмкин. От жара кеселлигин емлеўде тәсири кең антибиотиклер ислетиледи. Кеселлик аўыр формада кешип, инфекцион-токсик шок белгилери қәўпи туўылса, емлеўде комплекс усыллар қолланылады, наўқасқа гармонал препаратлар (преднизолон) ҳәм дезинтоксикацион суйықлыклар буйырылады. От жара кеселлигиниң арнаўлы (специфик) емлеўде от жара кеселлигине қарсы иммуноглобулин қолланылады: – кеселликтиң жеңил кешиўинде – 20 мл ге дейин; – кеселликтиң орташа аўырлықта кешиўинде – 20-40 мл; – кеселликтиң аўыр кешиўинде – 60 – 80 мл. Кеселликтиң тери формасында өз ўақтында емлеў илажлары алып барылса наўқастың жарасындағы қотыр түсип, орны питип (эпителизация), шандық пайда болғаннан кейин,үйине жуўап бериледи. Кеселликтиң септик, өкпе ҳәм ишек формаларына шалынған наўқаслар клиник саўалғанынан кейин 5 күн аралатып, 2 мәрте терис нәтийжели бактериологик тексериўден соң жуўап бериледи.
Кеселликтиң алдын алыў жоллары
От жара кеселлигиниң адамлар арасында пайда болыўына ҳәм тарқалыўына қарсы баслы гүрес ҳайўанлар арасында бул кеселликтиң келип шығыўына жол қоймаў болып табылады. Адамлар ҳәм ҳайўанлар арасында от жара кеселлигиниң алдын алыў ушын төмендеги ветеринариялық ҳә өкпеден шығатуғын ажыратпалар санитариялық илажларды әмелге асырыў, жеке гигиена қәделерин орынлаў талап етиледи:
Ҳайўанлар арасында тарқалыўының алдын алыў жоллары:
– от жара кеселликлери бойынша есапта түрған пунктлерди есапқа алыў ҳәм олардың картографиясын түсириў; – от жара кеселлигиниң унамсыз пунктлердеги аўыл хожалық ҳәм жеке меншик маллардың санын есапқа алыў ҳәм сондай-ақ, жәмийетлик малларын жыл сайын өз ўақтында от жара кеселлигине қарсы шаншыў. – жәмийетлик ҳәм жеке хожалық маллары аўырғанда ямаса аўырыў деп гүман еткенде дәрхәл ветеринария хызмети қәнигелерине көрсетилиўи шәрт; – ҳайўанлар арасында от жара кеселлигин өз ўақтында анықлаў, кесел ҳайўанларды басқа ҳайўанлардан ажыратыў, ошақларда эпизоотологиялық эпидемиологиялық тексериўлер өткизиў, ошақларда күнделикли ҳәм жуўмақлаўшы дезинфекция жумысларын ислеў әҳмийетке ийе. – от жара кеселлигиниң унамсыз пунктлеринде мелиоратив ҳәм агротехника шараларын өткизиў, суў ҳәўизлерин патасланыўдан сақлаў;
Адамлар арасында кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў жоллары
Кеселленген малды күтим қылыўда жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылмаслық, сондай-ақ ветеринария хызмети қәнигелериниң рухсатысыз аўырған малды сойыў, оның гөшин жеў, жүнин ҳәм терисин сатыў қадаған етиледи; – ҳайўанлардың сойылыўын орайласқан жағдайда қусханаларда шөлкемлестириў, хожалықларда сойылыўына жол қоймаслық, малларды мәжбурий сойылыўының алдын алыў; – тери таярлаў, сақлаў, тасыў ҳәм қайта ислеў процесслеринде ветеринария-санитария қағыйдаларына қатаң әмел етиў; – от жара кеселлигиниң жуғыў қәўпи жоқары болған контингентлерди (зооветеринария хызметкерлери маллардан алынатуғын шийки затларды қайта ислеўши карханалардың жумысшылары тери таярлаўшы, сақлаўшы ҳәм тасыўшылар, қассап, саллаханада ислеўшилер) от жара кеселлигине қарсы шаншылыўы тийис.; – ветеринария көригинен өтпеген гөш өнимлеринен пайдаланыў, тери-жун менен туўрыдан туўры қатнаста болыў; – халық арасында от жара кеселлигиниң алдын алыўда кең көлемде санитариялық түсиндириў жумысларын өткериў.
От жара кеселлигиниң алдын алыўда үй ҳайўанларын сақлаў оларды күтим қылыўда барлық ветеринариялық ҳәм санитариялық қағыйдаларға әмел етсек өзимиздиң ҳәм жақынларымызды бул кеселликтен сақлаған боламыз.
Бозатаў районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы : Дошимов Конысбай Толыбаевич