Click to listen highlighted text!

Астана қаласының Назарбаев атындағы медицина Университетинде «Жатыр мойны рак кеселлигин, ВПЧ вакцинасы менен шаншыӯ арқалы алдын алыӯ, сыпатлы қатнас ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислесиӯ» ҳәм «COVID-19 пандемиясы дәӯиринде ҳәм оннан кейин қәӯип қәтерли байланыс ҳәм жәмийетшиликти тартыӯ: ең жақсы әмелиятлар»ға арналған Халық аралық илимий-практикалық конференция өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы       басқармасы иммунопрофилактика бөлими меңгериӯшиси Досымбетов Адил Н. ӨзР СЭТҳЖС              Комитетиниң 13.11.2023ж №04-8/234 көрсетпе хаты ҳәм ҚР СЭТҳЖСБның № 222 санлы буйрығы тийкарында  16-17 ноябрь күнлери Қазахстан Республикасы, Астана қаласының Назарбаев атындағы медицина Университетинде болып өткен «Жатыр мойны рак кеселлигин, ВПЧ вакцинасы менен шаншыӯ арқалы алдын алыӯ, сыпатлы қатнас ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислесиӯ» ҳәм «COVID-19 пандемиясы дәӯиринде ҳәм оннан кейин қәӯип қәтерли байланыс ҳәм жәмийетшиликти тартыӯ: ең жақсы әмелиятлар»ға арналған  Халық аралық илимий-практикалық конференцияға қатнасты.Конфренцияның тийкарғы мақсети  ҳаял қызлар арасында жатыр мойны рак кеселлигиниң алдын алыӯ, соның менен бирге адам папиломасы вирусына қарсы ВПЧ вакцинасы менен шаншыӯ ҳәм медицина қǝнийгелери ҳәм халық арасында сыпатлы қатнас роли ҳаққында хабарландырыӯды ǝмелге асырыӯ болды.

Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы мǝлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!