Дезинфекция камералары – бул пуўлаў, ҳаўа менен пуўлаў, формалинли, газлар менен зарерсизлентириўге арналған ускенелер болып есапланады. Дезинфекциялық камералар кийим, корпе төсек затлары, жүн, тери, аяқ кийим, гилем, китапларды зарерсизлентиреди. Қайнатыўдада бактериялар оледи бирақ бунда көрпе-төсеклерди қайнатыўға болмайды, оларды тек арнаўлы камераларда зарерсизлентириў керек.Дезинфекция камераларында физикалық (суў пуўлаў, ыссы құрғақ ҳаўа), химиялық (формальдегид) тәсиринде яки екеуи де биригип қолланылады.
Орнатылыуына қарай дезинфекциялық камералар тѳмендегидей турлери бар.
- Турақлы
- ҳарекетлениўши
- жийналыушы
Турақлы камералар арнаўлы бөлмелерде орнатылады, ортаға дийўал қойып 2 бөлимге бөледи, биреўинде патас затларды қабыллап камераға салады, екиншисинен таза затларды камерадан шығарып, тарқатады, онда бақлаў қураллары, бураушы вентиллер, термометрде болады. Камера бөлмесинде затларды сортлаў ушын клёнка, кадагалаушы ушын сағат, арнаўлы киймлерди ҳам жеке киймлерди сақлайтын шкафлар, қол жуўыў ушын роковина, сабын, сүлгі болыўы керек. Бөлмеде камераның жумыс ислеў тәртиби, режеси дузилген болыўы керек.
Ҳарекетлениўши камералар көликке тиркеледи.
Жийналатын камералар толық яки жартылай жийналатын болып шығарылады. Ҳарекетлениўши ҳам жийналатын камераларға арнаўлы бөлме керек емес, бирақ төбеси жабық жерге орнатыў керек.
Дезинфекциялаў тәртиби:
Алдын ала затларды зарерсизлентириў турине қарай сортланады. Биринши партияны салардан алдын камераның есиклерин жаўып, 10-15 минут қыздырып алады: пуўлы формалинде температура 50-600 градус, ыссы ҳаўа менен зарерсизлентириўде температура 800 С градусқа дейин. Дезинфекциялау ҳам дезинсекциялау көлеми, қозғатыушынын турине ҳам затлардын сапасына байланыслы. Тери ҳам жағалы кийимлерди ишин сыртына қаратып, бири бирине жақынлатпай илип қояды, жүн етиклерди төмен қаратып қояды, аяқ кийимлерди сеткаға илип қойиў керек.
Камералы дезинфекция томендеги кеселликлерде откериледи
Оба (Чума), кайталама тиф, эпидемический таспалы тиф, Брил кеселлиги, КУ ысытпасы (окпе формасында), от жара (сибирская язва), гемморагик ысытпа, карын тифи, паратиф, туберкулёз, дифтериф, замарыклы кеселликлер микроспория, трихофития, фавус, чесотка кеселликлери ошақларында наўқастың пайдаланылған кѳртпе тѳсеклери, кийимлери ҳ.т.б буйымлары камералы усылда дезинфекция ѳткериледи.Сондай ақ емлеў профилактика мекемелеринде емлеўхана иши инфекциялардың алдын алыў мақсетинде наўқаслардың кѳрпе тѳсек топламлары СанҚҳН тийкар камералы усылда дезинфекция ѳткериледи.
ҚР СЭТҳЖСБ дезинфекция бѳлими менгериушиси Г.Сейтбаева