Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасынын 2023-жыл 20-ноябрдеги №184-Қ санлы буйрығына муӯапық, Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мажлисиниң 2023-жыл 23-августтеги 10-санлы баянламасы менен “9-декабрь Халық аралық кооррупцияға қарсы гуресиӯ куни”не бағышланған Аксилкоорупция айлығы көлеминде өткизилетуғын илǝжлар режеси” тастыйкланғанлығы мунǝсибетине байланыслы “Ашық есиклер кунин” өткериӯ ушын басқарманың қала ҳǝм районлық Санитария-эпидемиологиялық бөлимлеринде ислеӯши хызметкерлердиң ҳуқықый санасын ҳǝм ҳуқықый мǝдениятын асырыӯ ҳǝм угит нǝсият жумысларын алып барыӯ ҳаққында жыйналыс болып өтти. Жыйналыста жǝми 68 пуқара қатнасты.
Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқарма баслығының биринши орынбасары В.Абсаттарова кирис сөз бенен ашты.
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы юрист мәсләҳәтшиси Р.Хожаназаров өз сөзинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тǝрепинен 2017-жыл 3-январ кунги ЎРК-419-санлы Өзбекстан Республикасы кооррупцияға қарсы гуресиӯ ҳаққында”ғы нызамы ǝмелге асырылғанлығын, бул нызам 6-бап, 34-статьядан ибарат екенлигин атап өтип, нызамда көрсетилген ҳǝр бир бапқа айрықша итибар қаратып кең турде шолыӯ жасады.
Атқарыӯ тǝртиби ҳǝм мурǝжатлар менен ислесиӯ бөлими кооррупцияға қарсы гуресиӯ бойынша ишки қадағалаӯ дузилмеси жетекши қǝнийгеси З.Акимова сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасында кооррупцияға қарсы гуресиӯ ишки кқадағалаӯшы қǝнийге ҳǝм хызметкерлердиң Коррупцияға қарсы гүресиў сыясатының талапларына бойсынылыӯы ҳаққында мийнет шǝртнамасына қосымша келисиӯ шǝртнамасы дузилиӯ кағыйдаларына қай дǝрежеде жумыслар алып барылғанлығы бойынша кең турде тусиник берип өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Атқарыӯ тǝртиби ҳǝм мурǝжатлар менен ислесиӯ бөлими Коррупцияға қарсы гуресиӯ бойынша ишки қадағалаӯ дузилмеси жетекши қǝнийгеси З.Акимова