Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Бизнес омбудсманның ўәкилликлери кеңейтирилди

Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Бизнес омбудсман) аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы хызметкерлери тәрепинен семинар-тренинг өткерилди.
Семинар-тренингде суд, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар хызметкерлери қатнасты.
Өткерилген иләжда Өзбекистан Республикасының
2022-жыл 11-январдағы “Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекиниң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы ЎРҚ-744-санлы Нызамы мазмун-әҳмийети ҳаққында сөз барды.

Бизнес омбудсман бас инспекторы А.Камалов тәрепинен
2022-жыл 11-январдағы “Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы ЎРҚ-744-санлы Нызамы мазмун-әҳмийети бойынша кеңнен түсиниклер берди.
Онда Нызам менен Бизнес омбудсманға исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша берилган ўәкилликлерге тоқталып өтти.
Илгери, исбилерменлик тараўында бузылыўы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты келтирип шығаратуғын нызамбузыўшылықлар бойынша ислердиң айрым статьялары бойынша  2022-жыл 11-январға шекем район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған.
Алдағы ўақытта, Өзбекистан Республикасы “Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы 2022-йил 11-январдағы
744-ЎРҚ-санлы Нызамға муўапық усы кодекстиң айрым статьялары бойынша ислерди көрип шығыў ҳәм ҳәкимшилик жәрийма тайынлаў Бизнес-омбудсман ўәкиллигине өткерилди.
Яғный буннан былай, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 2458-статьясына муўапық Бизнес омбудсманға усы Кодекстиң
43 (исбилерменлик субъектлариниң мүрәжатлары бөлиминде),
2002 (исбилерменлик субъектлариниң ҳуқықлары бузылыўы бөлиминде),
2411 —2414, 2416, 2418, 24110-статьяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер тийисли.
Атап айтқанда, Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў (исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары бөлими), Жер участкасын нызамсыз алып қойыў (исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары бузылыўы бөлиминде), Жеке меншик мүлк ҳуқықын бузыў (исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары бузылыўы бөлиминде), Исбилерменлик субъектлериниң хызметин тексериў ҳәм финанс-хожалық хызметин ревизия қылыў тәртибин бузыў, Исбилерменлик субъектлериниң хызметин ҳәм (яки) олардың банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларын нызамға қайшы түрде тоқтатып турыў, Исбилерменлик субъектлерин қәўендерлик ҳәм басқа иләжларға мәжбүрий шақырыў, имтиязлар ҳәм преференцияларды қоллаўды нызамсыз түрде мойын таўлаў, қолламаў яки қоллаўға тосқынлық қылыў, Исбилерменлик субъектлериниң есап-бетлеринде пул қаржылары ҳаққындағы мағлыўматты нызамға қайшы түрде талап етип алыў ҳәмде исбилерменлик субъектлеринен нызамшылықты бузған ҳалда ҳүжжетлер талап етип алыў бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға ҳәмде жәрийма тәризиндеги ҳәкимшилик жазаларды қоллаўға оның орынбасарлары ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты бас инспекторлары ҳақлы екенлиги белгиленлиги атап өтилди.

Бул семинар-тренингте қадағалаўшы уймылар тәрепинен исбилерменлик субъектлерин ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәмде нызамшылықтағы жаңалықлар додаланып, өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.