Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳǝм оған алып келиўши шǝрт-шǝраятларды сапластырыў ҳаққында селектор жыйналысы

Усы жылдың, 31-март күни Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳǝм жǝмийет саламатлығы басқармасы мǝжлислер залында ҚР Адиллик министрлигиниң №13/1-8/57-3 санлы усынысы, УзР СЭТ ҳǝм ЖСХ-ның №21 санлы буйрығы ҳǝмде Тɵрткүл районы Прокуратурасының №15/2-17617-22 санлы хаты, Шоманай районы Прокуратурасының №352432/2020-10W санлы хатына тийкар,  ҚР СЭТ ҳǝм ЖСБ қǝнийгелери В. Абсаттарова, М. Шамшетов, Р. Хожаназаров, Б. Джанибеков ҳǝм Р. Утеновлар қатнасыўында селектор мǝжлиси болып ɵтти.

Мǝжлисте, нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳǝм оған алып келиўши шǝрт-шǝраятларды сапластырыў ҳаққында. УзР Президентиниң 2022-жыл 24-марттағы «УзР Президентиниң денсаўлықты сақлаў ўǝкиллери менен ашық сǝўбети»нде белгиленген ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ис-илǝжалары ҳаққында»ғы Е-33 санлы Пǝрманы ҳаққында. Тɵрткүл районы СЭТ ҳǝм ЖСБ тǝрепинен қозғатылған жынаят иси бойынша ис материалларын додалаў ҳǝм нǝтийжеси ҳаққында район прокуратурасына жазба түрде мǝлим етиў. Сондай-ақ, Шоманай районы СЭТ ҳǝм ЖСБ баслығы Е. Орынбаевтың жынаят исиниң тергеў жумыслары тамамланғанлығы ҳǝм басқармада кеңейтирилген жыйналыста кɵрип шығып район прокуратурасына жазба түрде мағлыўмат бериў ҳаққындағы күнниң ǝҳмийетли мǝселелери додаланды.