Гепапит А кеселлиги ҳәм оныӊ алдын алыў

Гепатит А (жуқпалы сары кеселлиги) әййемги заманлардан берли мәлим. Вируслы гепатит А кеселлиги – бул өткир жуқпалы баӯыр кеселлиги болып, қозғатыӯшысы гепатит А кеселлиги вирусы есапланады. Гепатит А вирусы диаметри 27 нанометрге тең болған микроорганизлерден ибарат. Генетикалық белгилер бир спираллы РНКда сақланады.

Гепатит А тийкарынан бақша ҳәм басланғыш мектеп жасындағы 14 жасқа дейинги балаларда ушрайды. Қарақалпағыстан Республикасында 2021 жылда жәми вируслы гепатит А кеселлиги менен кеселленген наўқаслардыӊ  31,1 %  мектепке шекемги, 42,8% мектеп жасындағы балалар қурайды.

Гепатит А ннфекциясына кысаша түсиник:

Гепатит А жуқпалы ишек инфекциялары топарына киретуғын тек адамларда ушырасыўшы (антрапаноз) кеселлик болып табылады. Кеселлик дереги наўқас адам. Вирус наўқас үлкен дәрети арқалы сыртқы орталыққа ажратып, ол әсиресе инкубацион дәўирдиң ақыры ҳәм наўқас денеси сарғайыўына шекем яғный гепатиттиң басланғыш дәўиринде көп ажратылады. Усының нәтийжесинде наўқаслар тап сары пайда болыўына шекем жүдә қәўипли есапланады. Дене сарғайганнан кейин наўқаслардан гепатит А әтирапдағиларға дерлик жуқпайды. Кеселликтиӊ басқаларға жуқтырыўы гепатит А ның сарысыз ҳәм билинер – билинбес белгилер менен өтетуғын формалары жүдә қәўипли есапланады. Гепатит А фекал-орал жолы менен жуғады. Наўқас үлкен дәрети менен суў, азық-аўқат өнимлерин патасланыўы жүдә қәўипли болып табылады. Бундай жағдайларда массалық түрде көп адамлар кеселленеди. Контакт арқалы жуққанда болса кеселлик аз-аздан тарқалады. Гепатит А дан тәўир болған адамда өмирлик сақланатуғын беккем иммунетит пайда болады. Гепатит А гүз-қыс айларында көп ушырайды.

Гепатит А ның басланғыш дәўиринде, яғный наўқас денеси сарғайыўына шекем көбинесе диагноз анықланбайды. Сонлықтан наўқаслар гепатиттың ең жуқпалы дәўиринде емлеўханаға жатқызылмайды ҳәм олардағы кеселлик басқаларға жуға береди. Сондай жағдайда халық жеткиликли водопровод суўы менен тәмийинленбеген болса ҳәм соның менен бирге халық жасайтуғынлық орынларда канализация тармақлары өткерилмеген болса, кеселлик аңсатғана тарқалыўы мумкин. Буның үстине халық  әпиўайы санитария ҳәм гигиена қағыйдаларына әмел етилмесе гепатит және де тез тарқалады. Гепатит А 1 жасқа дейинги балаларда ушырамайди. Себеби оларда анасынан өткен иммунетит болады.

Кеселликтиӊ клиник белгилери

Гепатит А ның клиникасы жасырын, басланғыш, сарғайыў ҳәм тәўир болыў дәўирлерине ажратылады. Кеселликтиӊ басланғыш (сарғайыўдан алдынғы ) дәўири орта есапта бир ҳәпте даўам етеди, наўқас денесинде сары болмайды. Бул дәўирде наўқастың ети үйысып қалтирайди, басы аўрыйды, денеси қақсайди, тамағы қурып, иштейи жоғалады. Гепатиттиң басланғыш дәўиринде күннен-кунге наўқастың дарманы қурып хәлсизлик күшейе баслайды. Соның менен бирге иштейи жаман болып ,кеўли хеш нәрсени қалемейди. Ақырғы күнлерде наўқас сийдыгиыныӊ реңи өзгергени ҳаққында сораў керек. Әдетде наўқастың көзи ҳәм денеси сарғайыўынан бир неше күн алдын сийдыгы тоқ сары түс алады ҳәм тап ашшы шайға ямаса пивога уқсас болады.

 Кеселликти алдын алыў ушын төмендегилерге итибар қаратыў керек:

-Жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылыў

-Балаларды ашық суў ҳәўизлеринде шомылыўларына жол қоймаў

-Мийўе ҳәм палыз егинлерилерди жуўмастан қабыл қылмаў

-Шыбынларға қарсы гүресиў яғный әйнек ҳәм қапыларға тор перделер орнатыў

-Тек кепиллик берилген ишилик суўыннан қабыл қылыў айрықша әҳмийетке ийе.

Вируслы гепатит кеселлигин белгилери гүзетилиўи менен ақ шыпакерге мурәжет қылыӊ. Өз билгенингизше ҳәр түрлы антибиотикларды қабыл қылмаӊ.

Гепатит кеселлигиниӊ алдын алыўдын еӊ жақсы усылы бул вируслы гепатит А ға қарсы вакцина алыў.

Егер Сиз өз перзентиӊингизди вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емлетпекши болсаңыз перзентӊингиз алдын вируслы гепатит кеселлиги менен аўырып өтпеген болыўы ҳәм вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емленбеген болыўы керек. Бир доза вакцина менен емленгеннен кейин 15 жылға шекем иммунетет сақланып қалады. Вируслы гепатит А ға емлеў эффективлиги 95-98 % ни қурайды.

Вируслы гепатит А қарсы вакцина салдырмақшы болсаӊыз аймақлық поликлиникаға ямаса аймақлық санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бирлеспесине мурәжет қылсаныз болады.

Перзентиӊиз хәмде өз саламатлығыӊызға бийпарқ болмаӊ!

ҚР СЭТ ҳ ЖСБ, Эпидемиология бөлими эмидемиолог врачы А.Джумамуратов